ЭЛЕКТР ҮНЕМЛЕЎШИ ТЕХНОЛОГИЯЛАРДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ
Бүгинги күнде ықлым өзгериўи дүнья жүзи бойынша глобал машқалаға айланбақта. Әлбетте, биз жасап атырған регионымызда да Арал апатшылығының тәсири сезилерли орын тутыўы менен бирге буннан басқа да ҳаўаның патасланыўына түрли факторлар себеп болмақта.
Мәселен, ири кәрханалардан шыққан шығындылардың да зыяны жоқары. Бул жағдай өз гезегинде гүўасы болып атырғанымыздай, халқымыз арасында ҳәр қыйлы кесилликлердиң ҳәўиж алыўына, мәселен, рак, қантлы диабент, гипертония, және де ҳаял-қызлар ҳәм балалар арасында эндокрин кеселликлериниң жийи ушырасып атырғанлығы менен көзге тасланбақта. Соның менен бирге, екинши тәрептен, ҳаўаның патасланыўы нәтийжесинде кескин ықлым өзгериўине де алып келмекте. Яғный, ҳәр жылы ҳаўа райының жаз айларында ҳәдден зыят ыссы болыўы, қыста қатты суўық болыўы менен гүзетилмекте. Мине, усы сыяқлы халқымызды қыйнап атырған машқалалардың алдын алыў, ана-тәбиятымызды ертеңги келешегимиз болған жас әўладларға пүтинлигинше жеткериў, халқымыз саламатлығына зыянлы болған факторлардың кери тәсирин азайтыў бойынша мәмлекетлик сиясат дәрежесинде бир қатар әҳмийетли ислер әмелге асырылмақта.
Өзбекстан журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм БМШ Раўажландырыў бағдарламасы шериклигинде «Өзбекстанда энергия үнемлеўши аўыллық турақ-жайлар қурылысын раўажландырыўға көмеклесиў» қоспа жойбары шеңберинде журналистлер ҳәм блогерлер арасында «Гендер тәреплери есапқа алынған энергия үнемлеўши имаратлар раўажланыўдың әҳмийетли гиреўи» атамасындағы семинар-тренинглер өткерилмекте. Жойбар Глобал экологиялық фонды тәрепинен қаржыландырылған болып буннан гөзленген мақсет — халқымызды, әсиресе, аўыллық жерлерде жасаўшы халықты қоршаған орталыққа зыянсыз ҳәм жақсыланған арзан турмыс шараятларын жаратыўдан ибарат. Сондай-ақ, жойбар тийкарында Өзбекстанда алға илгерлеп баратырған аўыллық турақ жай секторлары ыссыхана газлери шығындыларын азайтатуғын турақлы раўажландырыў жолына өтиўге қаратылған.
Әҳмийетли тәрепи усы бағдардағы семинар-тренинглер республикамыз бойлап биринши мәрте өткерилмекте. Бундай семинар-тренинглер республикамыздың бес аймағында өткерилиўи режелестирилген болып, жойбар шеңберинде ғалаба хабар қураллары белсендилигин арттырыў, қурылыс секторында энергия нәтийжелилиги ҳәм қайта тикленетуғын энергия дереклерин ен жайдырыў, гендер тәреплерин есапқа алыў ҳәм ҳаял-қызлардың өз үйи ҳәм ислеп атырған жәмәәтинде энергияны басқарыў, оны тежеўдеги ролин арттырыўдағы орнын кең жәмийетшиликке жеткериўден ибарат. Жақында пайтахтымыздағы «Массагет» мийманханасы мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятынан келген бир қатар журналистлер ҳәм блогерлер қатнасыўында еки күнлик семинар-тренинг болып өтти.
Семинар-тренингтиң биринши күнинде, журналистлер глобал ықлым өзгериўи дәўиринде мәмлекетимизде БМШның Раўажландырыў бағдарламасы тийкарында аўыллық жерлерде тәжирийбе сынаў мақсетинде қурылған турақ жайлардағы электр энергиясын үнемлеўши технологиялардан пайдаланыўдың абзаллықлары ҳәм энергия қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы жәмийетке келтиретуғын пайдалы тәреплери ҳаққында, сондай-ақ, экожурналистика, журналистика ҳәм кәсиплик этикаға байланыслы билимлерди жетилистириў бағдарында тәжирийбели экожурналист, эколог уз сайтының бас редакторы, медиатренер Н.Қосимова, журналист, гендерэксперти, «Қалб Нури» МКШ директоры, медиатренер Н.Алимовалар кең түрде мағлыўматлар берди. Соның менен бирге, семинар даўамында журналистлердиң бул бағдардағы исленип атырған жумыслар бойынша билимин сыннан өткериў ҳәм беккемлеў мақсетинде тестлер алынып, ҳәр қыйлы қызықлы викториналар шөлкемлестирилди.
— Усы күнге шекем жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында Хожели, Қоңырат, Әмиўдәрья районларында тәжирийбе-сынаў өткериў ушын 5 көп қабатлы турақ-жайларда қуяш панеллери орнатылды. Бунда ҳәр бир шаңараққа еки қуяш панели туўра келеди. Яғный, ҳәр бир 300 ватт қуўатлылыққа ийе болып, 600 ваттлы электр энергиясын жеткерип береди. Бул бир үйге керекли толық электр энергиясын жеткерип бермеўи мүмкин, бирақ, қосымша энергия сыпатында хызмет атқарыўы мүмкин, - дейди эксперт Б.Режепов.
Семинардың екинши күнинде журналистлер Әмиўдәрья районы аймағында жайласқан «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында болып, аймақ халқына 2020-жылы қурып тапсырылған 3 көп қабатлы 4 этажлы 24 квартиралы еки-үш бөлмеден ибарат қуяш батериялары орнатылған турақ жай ийелери менен сәўбетте болды.
— Үйимиз әпиўайы үйлерге салыстырғанда әдеўир парқы бар. Жазда салқын қыста ыссы болыўы менен электр энергиясын үнемлеўши технологиялардан пайдасы жүдә жоқары. Ҳәр айда төленетуғын коммуналлық төлемлерди басқаларға қарағанда аз төлеймиз, - дейди «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы З.Атамуратов.
Бул турақ жайлар тәжирийбе сынаў мақсетинде қурылған болып, энергияны үнемлеўши технологиялардың абзаллығын халқымызға ен жайдырыў арқалы энергия үнемлеўши кем углеводлы турақ жайлардың қурылысын жеделлестириўге хызмет етеди. Жасыл ипотека кредитлери механизмин ислеп шығыў оның кең көлемде тәжирийбеде сынап көриў арқалы елимизде тез пәтлер менен раўажланып баратырған аўыллық жерлерде турақ жайлар қурыў секторының буннан былай да турақлы ҳәм пәс углеводлы турақ жайларға болған талаптың артыўына жол ашады.
Семинар қатнасыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен сертификатлар тапсырылды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис