Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:18:14, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕМШИЛИКЛЕР СЫНҒА АЛЫНЫП, ЖУЎАПКЕРЛЕРГЕ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Соңғы жыллары Қара­өзек районында Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында халық хожалығының барлық тараўларын раўажландырыў ҳәм сол арқалы елимиздиң абаданлығына ерисиў бо­йынша бир қатар ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Атап айтқанда, район аймағында бир неше ири санаат кәрханалары, исбилерменлик субъектлери ҳәм социаллық объектлер бой тиклеп халық ийгилиги ушын хызмет етпекте. Деген менен, айы­рым өз исине бийпәрўа тараў басшыларының жуўапкерсизлиги себепли, жумысларда бослықлар пайда болып, бул айырым пуқаралардың наразылығына себеп болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қара­өзек районының социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, аймақтың инфраструктурасын еле де раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында алып барылып атыр­ған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы аймақта болды. Ең дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 2-санлы ҳәм 28-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде алып барылып атырған ири оңлаў жумысларын көзден өткерди.

Усы жерде айтып өтиў тийис, бул еки мектеп имаратларында қурылыс жумыслары белгиленген мүддеттен артта қалып атыр­ған болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс жумысындағы бул олқылықларды тез арада сапластырыў ҳәм егер, зәрүр болса тийисли жуўапкерлерди белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў бойынша ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллерине тапсырмалар берди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орын­баев район ҳәкимлигинде барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, райондағы мәкеме, шөлкем, кәрхана басшылары ҳәм район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.

Онда Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳәм айырым тараў ўәкиллери тәрепинен жол қойылып атыр­ған қәте-кемшиликлер айрықша атап өтилди.

Өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев республикамыздағы коммерциялық банклер өз имка­ния­тынан жеткиликли  дәрежеде пайдаланбай атырғанлығы, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы ҳәм ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилмес­тен, мәнзилсиз жумсалған жағдайлары ушырасып атырғанлығына тоқтап өтти. Соның менен бирге,мәмлекетлик инвестиция ҳәм басқа бағдарламалар тийкарында алып барылыўы тийис қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўдағы кемшиликлер, райондағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары талап дәрежесинде емеслиги бойынша жуўапкерлердиң жумысларына сын көзқарастан баҳа берилди.

Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан еле де раўажландырыў бойынша анық илажлар көриў зәрүрлигин атап өтип, әсиресе, бул бағдарда районда жаңа жумыс орынларын жаратыў, аймаққа сырт ел инвестицияларын тартыў, санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларында жойбарларды иске түсириў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, социаллық, өндирис, жол, ишимлик суў объектлеринде қурылыс оңлаў жумысларын жеделлестириў кереклигине  тоқталып өтти.

Сондай-ақ, мәжилисте быйыл­ғы жылдың жуўмағына шекем Қараөзек районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге  республикалық бюджеттен жәми 10,5 млрд. сумлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Мәжилис соңында көрилген мәселелерди райондағы алып барылып атырған жумысларды ҳәм берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тә­биятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы Д.Утамбетовты жуўапкер етип бекитти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF