ҲӘКИМ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ
Жақында Нөкис қаласындағы 19-санлы мектепте Нөкис қаласы ҳәкими Өтемурат Панаев ҳәм жаслар ислери, социаллық мәселелер бойынша ҳәким орынбасары Азизбек Бегжановлар 16-санлы «Дәрбент» мәкан пуқаралар жыйынының мәҳәлле белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен ушырасыў өткерди.
Онда аймақта алып барылған абаданластырыў жумыслары, пуқараларда ушырасып атырған машқалалар туўралы сөз болды. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларында оқып атырған жаслардың банктен тәлим кредитин алыўы, питкериўшилердиң жумысқа орналасыўы бойынша, соның менен бирге, көп қабатлы үйлерде жасайтуғын пуқаралардың машқалалары да тыңланды.
Атап айтқанда, ҚМУ студенти Қумар Алламбергенованың анасы екеўи жасайтуғынлығы, анасының наўқас екенлиги есапқа алынып, оған 2022-2023-оқыў жылы ушын контракт пулы төлеп берилетуғын болды. Ал, ўақытша жумыссыз жүрген Айбек Айтмуратовқа шаштәрезлик пенен шуғылланыўға керекли әсбап-үскенелерди шәртнама тийкарында алыўға жәрдем бериў ушын мәкан ҳәким жәрдемшисине көрсетпе берилди.
Сондай-ақ, мектептиң бурынғы гөнерген склады үстине қойылған плиталар сол ўақыттың өзинде автокран менен алынып, орны тазаланды.
Сол аймақ турғыны А.Ниетуллаевтың мүрәжаты бойынша, яғный, баласының шаңарақ ағзалары менен көп ўақытлардан берли ижарама-ижара жүргенин, жай салыўға яки квартира сатып алыўға мүмкиншилиги жоқ екенин есапқа алып, оған социаллық жайлардың биринен квартира алыўға жәрдем берилетуғынына ўәде берди.
Ушырасыўда буннан басқа да мәселелер ортаға тасланып, оларды унамлы шешиў жоллары туўралы да пикир-усыныслар билдирилди.
А.НИЕТУЛЛАЕВ,
16-санлы «Дәрбент» МПЖ баслығының нураныйлар бойынша мәсләҳәтшиси.