Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:11:27, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ — ҲӘММЕМИЗДИҢ МИННЕТИМИЗ

Жасыратуғыны жоқ, жәмийетте сондай унамсыз иллетлер ушырасады, ол белгили бир тараўға емес, ал, пүткил жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық етеди. Мәмлекетти ишинен жемиретуғын әне усындай иллет парахорлық ҳәм коррупция болып табылады. Бул зыянлы иллет себебинен көплеген мәмлекетлердиң кризиске түскени тарийхтан мәлим.

Раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем атып атырған Жаңа Өзбекстан ушын коррупцияның ҳәр қандай формасындағы көриниси реформалардың жеделлесиўин пәсейт­тириўи менен қәўипли десек алжаспаймыз. Сонлықтан да, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Нызам нормаларын нәтийжели орынлаў мақсетинде, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға ти­йисли илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын Президентимиздиң 2017-жыл 2-февральдағы қарары менен «2017-2018-жылларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламасы» қабылланды. Улыўма алғанда, соңғы жылларда исленген жумыслар анализи халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыўға, жәмийетте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириўге бағдарланған илажлар көрилгенин көрсетип тур. 

Реформаларды әмелге асырыў шеңберинде пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, мәмлекетлик ҳәкимият, басқарыў уйымлары искерлиги ашықлығын, жәми­йет ҳәм парламент қадағалаўын тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў, суд уйымлары искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары реформаланды. Әлбетте, орынланған жумыслар салмақлы. Лекин, биз кешеги исленген жумысымыздың нәтийжеси менен шекленип қалмаўымыз тийис.

Коррупцияны бир яки еки мәкемениң ҳәрекети менен жоқ етип болмайды. Унамсыз иллетке барлық пуқараларымыз, кең жәмийетшилик оған қарсы биргеликте гүресип, оның тамырларын жоқ етиўге кирисилсе ғана унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин.

Д.УРДАБАЕВА,

Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлиминиң инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF