ФЕРМЕРЛЕРГЕ ТЕРИМДЕ ЖӘРДЕМ БЕРМЕКТЕ
Быйылғы жылы ел қырманына 5105 тонна пахта тапсырыўды реже еткен Нөкис районының дийқан-фермерлери ҳәзирги күнлери пахта жыйын-терими жумысларын қызғын алып бармақта.
Әсиресе, бул жумыслар Рустем Халиков басшылығындағы «Таң шуғласы», Анвар Айтбаев басшылық ететуғын «Шахзад» фермер хожалықларында шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
— 10 гектар жерге пахтаның «С-4727» сортын еккен едик, - дейди бизге «Таң шуғласы» фермер хожалығының ис жүргизиўшиси Бахтияр Өтесинов. — Хожалық жерлери елатлы пунктлерден узақта жайласқанлықтан Нөкистен көмекши әкелип, тергизип атырмыз. Биринши теримниң өзинде орташа ҳәр бир гектардан 30 центнерден пахта жыйнап алып атырмыз. Көмекшилер ушын атыз басында барлық қолайлы шараятларды жаратып, оларға ҳәр күни ис ҳақыларын берип турыппыз. Усының нәтийжесинде жақын күнлер ишинде белгиленген режени артығы менен орынлап шығатуғынлығымызға толық исенемен.
— 5-сентябрьден баслап Нөкис қаласындағы 58-санлы «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынынан 60-70 адамға басшылық етип, пахта теримге Нөкис районы фермерлерине көмекке келип атырмыз, - дейди отряд баслығы Тамара Рысназарова. — Отрядымыз арасында 100-150 кг теретуғын шәпик қоллы теримшилер оғада көп. Атап айтатуғын болсам, Зульфия Хожамуратова, Шадыгүл Камалова, Аймереке Қутлымуратова, Муҳаббат Қуралбаева, Хамид Орынбаев, Жолдасбай Далибаев сыяқлы теримшилер өз қатарларына үлги болып, район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланып келинбекте. Фермерлерге де рахмет. Атыз басында дем алыў ҳәм аўқатланыў ушын барлық қолайлы шараятларды жаратып қойыпты...
Сондай-ақ, «Таң шуғласы» фермер хожалығы ағзалары 20 гектар жерге егилген гүзлик бийдайдың да тәрбия жумысларын алып бармақта.
Ә.ОРАЗОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.