Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:37:18, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТЛЫҚ САҚШЫЛАРЫ СПОРТТА БЕЛЛЕСТИ

Нөкис қаласындағы Әбиў Әлий Ибн Сина атындағы саламатлық техникумында Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бас­қармасы, оның аймақлық бөлимлери хызметкерлери арасында  «Спорт-саламатлық гүреўи» сүрени астында спартакиада жарысы болып өтти.

Ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлер өткерилип атыр­ған спартакиаданың әҳми­йетине тоқтап өтип, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, хызметкерлер арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, солай етип, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў  бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы  кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Денетәрбия ҳәм спорт  саўалландырыў басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша шөлкемлестириўшиси менен биргеликте өткерилген жарыста 130дан аслам қатнасыўшы стол тенниси, шашка, жеңил атлетика, дартс, армрестлинг, арқан тартыў түрлеринен өз-ара беллести. Олардың жарысы төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, Қарақалпақстан Республикасы санитария эпидемиоло­гиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы  кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен тийисли дәрежедеги дипломлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Ҳәр бир спорт түри бойынша биринши орынларды ийелеген хызметкерлер Қарақалпақстан Республикасы бас­қышына жоллама алды.

Сондай-ақ, «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы», «Жеңиске болған умтылыўшылығы ушын», «Ең жасы киши қатнасыўшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөл­кемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF