Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:02:51, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАДАЛ МИЙНЕТТИҢ НАНЫН ЖЕГЕНГЕ НЕ ЖЕТСИН

Жеңисбай Пирниязов Шымбай районындағы ең алдынғы фермерлердиң бири  болып, ол басқарған «Жақсылық» фермер хожалығы ҳәр жылы мәмлекетке пахта ҳәм ғәлле тапсырыў режесин артығы менен орынлап келмекте.

Быйылғы жылы 35 гектар жерге пахтаның «Ш-5018» сортын еккен еди. Жазы бойы исленген агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларының нәтийжесинде атызларда мол зүрәәт жетистирилди.

— Хожалығымыз тийкарынан пахта туқымгершилигине қәнигелестирилген хожалық болып, бизлер «Шымбай 5018» сортын тәрбиялап жетистирип атырмыз. 15-сентябрь күни пахта жыйын-теримин басладық,-дейди бизге фермер Жеңисбай Пирниязов. — Бүгинги күнге шекем ел қырманына 49 тонна пахта терип тапсырдық. Терим жумысларында бизлерге аўылымызда жасап атырған пуқаралар өзлериниң жақыннан жәрдемин көрсетпекте. Теримшилердиң өнимли жумыс ислеўи ушын атыз басында барлық қолайлы шараятларды жаратып берип қойыппыз. Алдағы ўақытлары күнниң усындай ашық-жарық күнлеринен нәтийжели пайдаланып, белгиленген режени артығы менен орынлап шығамыз. Буның ушын бизлерде барлық имканиятлар бар.

Ҳақыйқатында да хожалықтың аппақ шағаладай бир тегис ашылған пахта атызларын аралар екенбиз, онда 60тан аслам теримшилердиң пи­дайылық пенен мийнет етип атырғанлығының гүўасы болдық. Қараүй усылында атыз басына қурылған мәдений шәртек дөгерегинде шай қайнатылып, шүлен қазанға аўқат асылған. Бул болса, пахта теримшилериниң ҳәр күндегиден де алаңсыз, өнимлирек жумыс ислеўине тийкар болмақта.

— Үйлеримизде қол қаўсырып, қуры отырғанды өзиме еп көрмей, қоңсы қыз-келиншеклер менен бирге пахта атызына шықтық,-дейди бизге усындай шәпик қоллы теримшилердиң бири Арзайым Қәлимбетова. — Күнине 80-100 кг пахта терип, үйимизге қосымша дәрамат таўып атырмыз. Бул әлбетте, шаңарағымызға мол ырысқы-несийбе алып келмекте. Ең тийкарғысы, ҳадал маңлай тер төгип, оның жемисин жегенге не жетсин.

 

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар

агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF