Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:14:47, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЙЫЛТТЫРЫЛҒАН ГАЗ ТӘМИЙНАТЫ ҚАЙ ДӘРЕЖЕДЕ?

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2022-жыл 1-сентябрь жағдайына, жәми 105869 жеке хожалық суйылт­ты­рылған газ бенен тәмийинленип келинбекте.

Жыл басынан жеке хожалықлар ушын 11501 тонна суйылттырылған газ фонды белгиленип, әмелде тутыныўшылардың талабынан келип шығып 11950 тонналық (104 процент) газ муғдары хожалықларға тарқатылған.

— Суйылттырылған газ бойынша январь-август айларына жеке хожалықлар ушын 11501 тонна газ фонды ажыратылды ҳәм газди қайта ислеўши заводлардан толығы менен тасып алынды,-дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының суйылттырылған газди сатыўды муўапықластырыў бөлими баслығы Руслан Ибрагимов. — Ал, сентябрь айының басынан берли жеке хожалықларға суйылттырылған газ жеткерип бериў режеси 877 тонна болып, әмелде 942 тонна жеткерип берилди.

Республикамыздың жеке хожалықларына суйылттырылған газ жеткерип бериў ушын айланба ҳәрекетте 176117 дана газ баллон бар.

Бүгинги күнде кәрхананың орайлық складында 417 дана, районлық газ складларында 1998 дана, жәми 2415 дана газ баллон ыдыслары бар.

 Газ баллонларын жеткерип бериў процесинде де санлы технологиялардан пайдаланыў жолға қойылды. Су­йылттырылған газ баллонларына штрих-кодлы стикерлер орнатылмақта. Су­йылттырылған газ баллонларынан пайдаланыўшылар газ ушын нақ пулсыз, 8D карталар арқалы төлемлерди әмелге асырмақта.

Район аймақларынан узақта жайласқан аўылларға арнаўлы автотранспортлар арқалы хызметлер көрсетилмекте. 

Бизлердиң ең тийкарғы мақсетимиз — халықтың аўырын жеңил етип, оларға өз ўақтында, иркинишсиз газ баллонларын жеткерип бериў ҳәм ҳәр бир тутыныўшыны разы етиў болып есапланады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF