ЖАСЛАРҒА ЖАҢА ЖЕҢИЛЛИКЛЕР
Ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўында келешегимиз болған жаслардың орны өз алдына. Жасларымызға итибар қаншелли жоқары болса, олардан жақсы нәтийжелер күтиўимизге болады. Соңғы жыллары мәмлекетимизде бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, олардың мүтәжликлери ҳәм мәплерине қаратылмақта.
Ҳүрметли Президентимиз айтқанындай: «Раўажланыўдың ирге тасы да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти миллет ететуғын күш те бул — илим-пән, тәлим ҳәм тәрбия болып есапланады. Ертеңги күнимиз Ўатанымыздың айдын келешеги, биринши нәўбетте, билимлендириў системасы ҳәм перзентлеримизге берип атырған тәрбиямыз бенен байланыслы».
4-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасында «Жаслар дәптери»не киргизилген жоқары оқыў орынларында шәртнама (контракт) тийкарында оқып атырған студент жасларға шәртнама төлемлерин төлеп бериў бойынша илаж болып өтти. Илаж дәслеп театр фойесиндеги көргизбе менен басланып жыйналғанлар нәзерине усынылды. Онда студент жаслардың спорттағы жетискенликлери, көркем өнер, билимлендириўдеги нәтийжелери, 85 тараўындағы мүмкиншиликлер, қол өнериндеги буйымлар ҳәм экспонатларды тамашалаў менен басланды. Буннан соң жаслар турмысынан таярланған әжайып видеоролик кең жәмийетшиликтиң нәзерине усынылды. Илажды дәслеп онлайн тәризинде Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм Президентимиз тәрепинен жасларға берилип атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, өз гезегинде илажда шәртнама (контракт) пуллары төлеп берилип атырған бир қатар жаслар да сөзге шығып, өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын билдирди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Ф.Махсетбаевлар тәрепинен агентликтиң қала ҳәм район бөлим баслықларына шәртнама (контракт) пулларының төлеп берилгенлиги бойынша арнаўлы ваучерлерди тапсырды. Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларынан «Жаслар дәптери»не киргизилген жоқары оқыў орынларында билим алып атырған жәми 675 жасқа шәртнама пулларының 50 процентине шекемги болған муғдарын төлеп бериў мүнәсибети менен өткерилген илажда жаслар қуўанышқа бөленди. Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июнь күнги «Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың машқалаларын үйренген ҳалда оларға тийисли тәртипте жәрдемлер көрсетилип келинбекте.
Усы күнге шекем Жаслар ислери агентлиги тәрепинен Нөкис қаласында «Жаслар дәптери»не киргизилген 540тан аслам жасларға әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қураллары тапсырылды. Соның менен бирге, 115 жасқа автомобиль айдаўшылық гүўалығын алыў ушын оқыў пуллары, 223 жасқа әскерий хызметке барыў ушын шәртнама пуллары, 1516 жасқа бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары, 816 жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында билим алып атырған жасларға шәртнама (контракт) пулларының 50 процентине шекемги қаржылары төлеп берилди. Ал, жасларға заманагөй кәсиплерди ийелеў, информациялық технологияларды үйрениўи ҳәм оларды шет тиллерине оқытыў бойынша 6 айлық оқыў курсларында 850 жас бийпул оқытылмақта.
— Жаңа Өзбекстанда жаслар ушын ҳәр қандай жаңалықты күтсек, болады. Жаңа итибар, жаңаша жантасыў, жаңаша ҳәрекет — мине, булардың барлығы жасларымыздың машқаласын шешиўде жаңа система болмақта. Бүгин 675 жасқа 2 миллиард сумнан аслам қаржы төлеп берилип атырған болса, бүгинги күнге дейин 1,5 мың жасқа шәртнама пуллары төлеп берилди, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров.
Илажға жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жаслар, олардың ата-аналары ҳәм мийманлар қатнасты. Жаслардың өмиринде умытылмас тәсирлер болып қалатуғын бул илаж мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.
Автордың түсирген сүўрети.