Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:00:42, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИКИР-УСЫНЫСЛАР ТЫҢЛАНДЫ

Экономиканың турақлы өсимин тәми­йинлеў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды жанландырыў, бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде республикамыздағы исбилерменлер менен ашық ушырасыў өткерип, олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Ушырасыўда исбилерменлик ҳәрекетинде дусласып атырған машқалалар, тосқынлықлар ҳәм олардың шешими туўралы пикир алысты.

Исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжатлар тийкарынан бизнести қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыўды әпиўайыластырыў бойынша болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев билдирилген пикир-усынысларды есапқа алып, тийисли тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF