Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:36:09, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАР ҲӘМ ПӘРМАННЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛМЕКТЕ

Ҳәзирги күнде Тақыятас районында 133 киши бизнес ҳәм жеке меншик ибилерменлик субъектлери, соның ишинде, «Муса мебель орайы» ЖШЖ 2019-жылдан берли жумыс ислеп турыпты.

ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңесиниң аппарат баслығы З.Сапарова тийисли тараў ўәкиллери менен бирге усы кәрхана жумыслары менен танысып, мийнет жәмәәти менен ушырасыў өткерилди.

Атап өтилгениндей, елимизде соңғы жылларда барлық тараўлар сыяқлы исбилерменликти раўажландырыў бағдарында да бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте.

Сәўбетлесиў даўамында елимизде исбилерменлер ушын жаратыл­ған шараятлар, нызамшылықтағы унамлы өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Усы жылдың 22-август күни   Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўи шеңберинде белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, исбилерменлик субъект­лериниң жумысына тийкарсыз араласыўлардың алдын алыў, қадағалаўшы уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў ҳәм жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде жақында қабыл етилген «Исбилерменлик субъектлериниң жумысында тексериўлер өткериўди муўапықластырыў тәртибин жети­лис­тириў илажлары ҳаққында»ғы қарары исбилерменлерге айрықша итибардың үлгиси екенлиги атап өтилди.

— Исбилерменликтиң раўажланыўы көплеген факторларға, ең дәслеп исбилерменниң билими, тәжирийбеси ҳәм исбилерменлигине байланыслы. Кәрханамызда ағаш усталары заманагөй есик ҳәм айналарды қарыйдарлардың талабынан келип шығып буйыртпа тийкарында таярлайды,-дейди кәрхана баслығы Б.Қаржаўбаев.

Сондай-ақ, ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасына байланыслы  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август­тағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийети атап өтилип, кең түрде түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF