Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:47:30, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КҮНДЕЛИКЛИ ХОШАМЕТ АҚТУБАЛЫ ТЕРИМШИЛЕРГЕ КҮШ-ҒАЙРАТ БАҒЫШЛАМАҚТА

Быйылғы бәҳәрде күн ара жаўған нөсер жаўынлар республикамыздағы пахташылық хожалықларына әдеўир қыйыншылық туўдырғаны ҳеш кимге сыр емес.

Бирақ, истиң көзин билген тәжирийбели дийқанларымыз тәбияттың бул қатал сынақларынан сүринбей өтип, жазы бойы исленген агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизиўи нәтийжесинде бүгинги күни атызларда өзлери дийдилегендей зүрәәт жетистириўге ерис­ти.

Кегейли районындағы Ақтуба елаты әзелден атайы дийқанлар ели болып табылады. Әсиресе, усы аймақтағы Әбдисалам Шарипов басқарған «Шарипов Илҳам» фермер хожалығы ҳәр жыл сайын мәмлекетке пахта ҳәм бийдай тапсырыў режесин артығы менен орынлап киятырған алдынғы хожалықлардан бири болып саналады.

 Фермер хожалығы ағзаларының күн-түн демей ислеген пидәкерлик ислериниң арқасында, быйылғы жылы 50 гектар жерге пахтаның «С-4727» сортын егип, оны талап­қа сай тәрбиялаўға еристи.

— Атызларымызда пахта мол,-дейди бизге хожалықтың ис жүргизиўшиси Бахтияр Шарипов. — Пахта қабыллаў пунктлерине күнине орташа 4-5 тоннадан пахта тапсырып атырмыз. Теримшилерге пахтаның ҳәр бир килограммы ушын 1500 сумнан ақша төлениўи адамларда үлкен қызығыўшылық оятпақта.

— Мен күйеўим Аралбай Өтепбергенов пенен бирге ҳәр күни 200-220 килограмм пахта терип, үйимизге 300-330 мың сумнан дәрамат таўып атырмыз,-дейди фермер хожалығына жәрдемге келген «Үшбас аўылы»ның турғыны Әнжимхан Айтымбетова. — Бул болса, шаңарағымызға күнделикли азық-аўқат, балаларымызға қысқы кийим-кеншеклер сатып алыўда үлкен жәрдем болып атыр.

«Шарипов Илҳам» фермер хожалығының ағзалары ҳәзирги күнлери пахта жы­йын-терими менен бирге, 40 гектар жерге егилген гүзлик бийдай тәрбиясына да айрықша дыққат қаратып, белгиленген талапқа сай жумысларды алып бармақта.

 

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF