ИНКЛЮЗИВ ТӘЛИМ ЕНГИЗИЛМЕКТЕ
Бала — өмир гүли. Келешегимиз таянышы. Олардың ертеңги күнде өмирден мүнәсип орнын табыўы мәмлекетимиз келешеги ушын оғада әҳмийетли.
Ҳәр бир дүньяға келген нәресте бахытлы болыўға теңлеслери менен бирге ойнап-күлип бахытлы жасаўға ҳақылы. Мәмлекетимизде билимлендириў тарийхында жаңа қәдем сыпатында бәрше аймақларда 225 улыўма орта билимлендириў мектеплеринде майыплығы болған балалардың да теңлеслери менен бирге мектепке барып оқыў имканияты жаратылмақта. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 13-сентябрьдеги «Жеке тәртипте билим алыўға мүтәж болған балаларға тәлим-тәрбия бериў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған 2020-2025-жылларға бағдарланған халық билимлендириў системасында инклюзив тәлимди раўажландырыў консепциясына муўапық әмелге асырылмақта.
— Биз бүгин мәмлекетимиздеги инклюзив тәлим бағдарындағы дәслепки қәдемди қоллап-қуўатлаймыз. Дәлиллер соны көрсетеди, инклюзив билимлендириў бәрше балалар ушын пайдалы болып, билимлендириў нәтийжелерин жақсылаўда кең имканиятларға жол ашады дейди, — ЮНИСЕФтиң Өзбекстан ўәкилханасы баслығы Мунир Мамедзаде.
Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-оқыў жылында инклюзив тәлимди ен жайдырыўда 18 улыўма орта билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилди.
Инклюзив тәлимниң абзаллығы неде деген сораў туўылыўы тәбийғый. Халықаралық тәжирийбелерге сүйенсек, бул бағдардағы алып барылған ислер билимлендириўдиң сапасын арттырыўға хызмет ететуғынлығы өз шешимин тапқан. Инклюзив тәлим балаларға арналған (оқыў бағдарламаларында емес) ҳәм ҳәр бир баланың, мәселен майыплығы болған балалардың мүтәжликлерине жуўап беретуғын педагогиканы қолланыў арқалы бәрше балалар ушын жақсырақ билимлендириў нәтийжелерин тәмийинлейди.
Республикамызда инклюзив тәлим системасы енгизилген мектеплерде мектеп директорлары ҳәм де усы классларда сабақ беретуғын муғаллимлер ушын қысқа мүддетли онлайн сабақлар өтилип, сертификатлар тапсырылды.
— Республикамызда өткен оқыў жылында инклюзив тәлим бағдары тәжирийбе сынаў мақсетинде пайтахтымыздағы 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде инклюзив класс шөлкемлестирилди ҳәм оған үш бала қамтылды. Және 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде коррекцион класс шөлкемлестирилип онда 8 оқыўшы қабылланды ҳәм быйылғы оқыў жылында бир бала қосылып, олар 2-классқа өтти. Майыплығы болған балаларды инклюзив тәлимге қамтып алыныўында ата-аналар арасында ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлер келип шықпақта. Себеби, бәрше имканияты шекленген балаларды мектепке қамтып алыў илажы жоқ. Қарарда атап өтилгениндей, бунда, шөлкемлестирилген психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның инклюзив тәлимге қамтылған балаларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм оларға жоллама бериўде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ислеп шығылған «Өз алдына билим алыў ушын мүтәж болған балаларды инклюзив тәлим системасы енгизилген улыўма орта билим бериў мектеплерине жибериўге имкан бериўши медициналық көрсетпе»лер дизимине қатаң әмел етиледи, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў министрилигиниң педагогикалық-психологиялық диагностика жумысларын шөлкемлестириў бөлими жетекши қәнигеси М.Өмирзақова.
Өз алдына билим алыўға мүтәж болған көзи әззи ҳәм шала көриўши балалардың инклюзив тәлим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылады. Және де инклюзив тәлимге қамтып алынған балалардың туўысқанларына олар менен бирге сабақларда қатнасыўы имканияты берилген. Сондай-ақ, шала еситиўши балалардың жеңил формасы, таяныш ағзаларында кемислиги болған бирақ, ақылый жақтан раўажланыўы нормада болған балалар қабылланыўы мүмкин.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.