ТҮРКИЯЛЫ ҚӘНИГЕЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Түркияның медициналық лабораторияларының баслықлары Д.Батакчы ҳәм К.Амасялы мийманда болды.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда медицина тараўындағы лабораторияларды мәмлекетлик шериклик тийкарында қайта шөлкемлестириў ҳәм лаборатория базасын жаратыў бойынша арнаўлы тапсырмалар ҳәм буйрықлар қабыл етилген. Усы тапсырмаларға муўапық елимизге келген қәнигелер Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов пенен ушырасыў өткерди.
Соң мийманлар пайтахтымыздағы О.Халмуратов атындағы көп тармақлы Республика медицина орайында болды. Олар емлеўхананың бүгинги күнде жумыс алып барып атырған лабораториясы менен жақыннан танысты. Түркиялы қәнигелер лаборатория жумысын және де жетилистириў, соңғы технологиялардан пайдаланыў бағдарындағы усыныслары ҳәм пикирлерин билдирди. Соңынан Тақыятас районы медицина бирлеспесине де барып, бирлеспениң лабораториясын көзден өткерди.
Бундай бирге ислесиўлер елимиздиң медицина тараўының раўажланыўына өз үлесин қосып, тараўда жаңалықлардың енгизилиўине алып келери сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.