УСТАЗЛАРҒА ҲҮРМЕТ КӨРСЕТИЛДИ
Жақында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Илажды филиал директоры Б.Мамбетов ашып берип, пидайы муғаллим ҳәм устазларға ҳәмийше терең ҳүрмет көрсетилетуғынлығын, олардан халқымыз бәрқулла миннетдар екенлигин билдирди.
Атап өтилгениндей, өткен қысқа дәўирде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў, мектеп билимлендириўинде 11 жыллық системаға өтиў, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин оптималластырыў, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметин көрсетиў, жоқары билимлендириў системасын үзликсиз раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Бүгинги күнде елимизде билимлендириўдиң барлық тармақларының раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Уллы алымларымыз, белгили шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың аты менен аталатуғын дөретиўшилик ҳәм тәбийғый пәнлерге қәнигелестирилген мектеплер, «Темурбеклер мектеби», Президент мектеплери сыяқлы пүткиллей жаңа үлгидеги заманагөй ҳәм инновациялық билимлендириў орайлары, дүньяға белгили жоқары оқыў орынларының филиаллары әне усы мақсетке хызмет етеди. Әсиресе, жоқары билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы қабыл етилди.
Кәсиплик байрам мүнәсибети менен билимлендириў тараўын раўажландырыў, терең билим ҳәм заманагөй кәсип өнерге ийе маман кадрларды таярлаў жумысларында нәтийжели мийнет етип атырған, өз кәсибиниң пидайысы болған бир қатар оқытыўшылар хошаметленип, оларға ҳүрмет жарлығы менен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм филиал студентлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.