КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ИЛАЖЛАРЫ БЕЛГИЛЕНДИ
«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-майдағы «Мәмлекетлик басқарыў тараўында коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў механизмин жетилистириў ҳәм усы тараўда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпаларға бағышланған семинар болып өтти.
Илажда жәмийет басшылары ҳәм жуўаплы хызметкерлери, қалалық ҳәм районлық электр тармақлары хызметкерлери видеоконференц байланыс арқалы қатнасты.
Илажды акционерлик жәмийеттиң техникалық директоры А.Акимов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының судьясы Р.Каукышев, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы И.Алдабергенов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры А.Есемуратов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, сондай-ақ, бул бағдарда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисине тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи айрықша әҳмийетке ийе болды. Алдағы ўақытлары нормативлик ҳүжжетлерди жетилистирилген ҳалда коррупция менен байланыслы жазаға тартылған пуқараларды арнаўлы дизим тийкарында бирден-бир реестрге бириктириў нәзерде тутылған. Бул әлбетте, барлық лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырған ҳалда, өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз. Солай екен, инсан ҳуқықларының бузылыўына, мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм жәмийеттиң келешегине кери тәсир ететуғын бул иллетке қарсы гүресиў, елимизди коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў тек мәмлекетлик ямаса жәмийетлик шөлкемлердиң ғана емес, бәршемиздиң ўазыйпамыз екенлиги атап өтилди.
— Илажды өткериўден тийкарғы мақсет — елимизде қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисин хызметкерлеримиз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады,-дейди акционерлик жәмийеттиң коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс қадағалаў бөлиминиң баслығы И.Махмудов. — Қәнигелер бул иллеттиң ақыбети, оларға имканият бериўши себеплер ҳәм шараятлар менен бирге, жынаятқа жол қойғанларға белгиленген жазалар анық мысаллар менен түсиндирилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.