ШБШ САМАРҚАНД САММИТИ:
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ СЫРТҚЫ СИЯСАТЫНДАҒЫ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР
2022-жылдың 15-16-сентябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң (ШБШ) Самарқанд саммитиниң жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткенлиги, сондай-ақ, оның ағзаларының көбейип, өрисиниң кеңейип баратырғанлығы, бүгинги глобал мәселелерди конструктив бирге сөйлесиў ҳәм ислесиў арқалы шешиўлери дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. Бул Өзбекстан дипломатиясының жетискенлиги болып, елимиздиң абырайының ҳәм Президентимизге деген ҳүрметтиң және де артыўына тийкар болды десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.
ШБШның Самарқанд саммитине биринши мәрте 14 мәмлекеттиң басшылары келди. Самарқанд саммити ШБШ мәмлекетлери басшылары ушын туўрыдан-туўры сөйлесиўлер хәм шешимге келиў майданы болды. Соны айтыў керек, ШБШ 2001-жылы дүзилгенде оған 6 мәмлекет ағза болған еди. Булар — Қытай, Россия, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан мәмлекетлери болса, 2017-жылы дүньяның ири мәмлекетлериниң бири Ҳиндстан ҳәм Пакистан оған ағза болды.
Сондай-ақ, Самарқанд саммитинде шөлкемге және раўажланған мәмлекетлердиң бири Иран Ислам Республикасы тоғызыншы ағза болып қосылды. Иран дүньяның жети мәмлекети менен шегаралас, сондай-ақ, Персид қолтығы жағасында жайласқан. Демек, ол арқалы Ҳинд океанына шығылады. Бул имканиятлар ШБШға ағза мәмлекетлер ушын жақсы мүмкиншилик болып есапланады. Саммитте Беларусь Республикасының ШБШға ағза болыў тилеги билдирилди ҳәм бул мәселе келеси саммитлерде шешиледи. Беларусь бүгинги күни ҳәр тәреплеме жоқары раўажланған мәмлекет ҳәм ол арқалы Европа базарына шығыў мүмкиншилиги туўылады.
Айтыўымыз керек, бүгинги күни ШБШда 3 бақлаўшы мәмлекет (Аўғанстан, Монғолия ҳәм Беларусь Республикалары) бар. Сондай-ақ, онда 6 пикирлесиў бойынша — шериклик мәмлекетлер (Түркия, Әзербайжан, Армения, Непал, Камбоджа ҳәм Шри-ланка) болып, Самарқанд саммитинде олар қатарына және Египет Араб Республикасы ҳәм Қатар мәмлекети қосылды.
Соның менен бирге, Бирлескен Араб Әмирликлери, Баҳрейн Патшалығы, Кувейт, Мальдив ҳәм Мьянма Аўқамы Республикаларына келеси саммитлерде пикирлесиў бойынша шериклик статусы берилиўи нәзерде тутылмақта.
Бүгинги күни ШБШға ағза мәмлекетлер өзиниң көлеми бойынша БМШдан кейинги үлкен шөлкем болмақта. Себеби, дүньяда 7,7 млрд.қа жақын халық бар болса, ШБШға ағза мәмлекетлерде 3,5 млрд. қа жақын халық жасайды. Бул шөлкемге ағза мәмлекетлердиң жалпы ишки өнимниң муғдары дүньядағы барлық мәмлекетлердеги жалпы ишки өнимниң дерлик төрттен бирин қурайды.
Усы жерде сораў пайда болады. Не ушын ШБШға көп мәмлекетлер ағза болмақта ҳәм жақынласпақта! Бул ҳәм басқа да сораўларға жуўапты ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Самарқанд саммити алдынан жәрия етилген мақаласынан табыўымызға болады. Бириншиден, соны айтыў керек, бүгин бизлер үлкен қәўип-қәтерли дүньяда жасап атырмыз. Мәмлекетлер арасында өз-ара исеним жоғалмақта. Глобалласыў процесслеринде мәплердиң қарама-қарсылыклары ҳәдден тыс шийелениспекте, ҳәттеки, айырым жерлерде қураллы соқлығысыўлар жүз бермекте. Бул болса, экономикалық байланысларды үзилиске түсирип, оған үлкен зыян тийгизбекте. Энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде кыйыншылықлар пайда болмақта.
Глобал ықлым өзгерислери, тәбийғый байлықлар ҳәм суў ресурсларының азайыўы, ковид усаған қәўипли жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы адам өмири ҳәм денсаўлығына қәўип келтириў менен бирге дүнья экономикасына кери тәсир етпекте. Бундай қурамалы аўыр жағдайлардан бир мәмлекеттиң өзиниң жалғыз шығыўы қыйын. Ҳүрметли Президентимиз айтып өткениндей, бундай машқаланы шешиўдиң жалғыз жолы — бул конструктив сөйлесиўлер арқалы бир-бириниң мәплерин ойлаған ҳалда ҳәр тәреплеме бирге ислесиў болып есапланады.
ШБШның өзине тартымлығына келетуғын болсақ, ол ҳәр қыйлы блоклардан аўлақ шөлкем болып, басқа мәмлекетлерге яки шөлкемлерге қарсы турыў ушын дүзилмеген. Соның менен бирге, оған ағза мәмлекетлер үлкен-кишилигине қарамастан бир-бири менен теңдей, бир-бириниң суверенитетине ҳүрмет пенен қарайды, ишки жумысларына араласпайды, өзлериниң мәплерин үстин қоймайды ҳәм сиясий қарама-қарсылықларға бармайды.
Соны айтыў керек, ШБШны дүзиў Декларациясында шөлкемниң тийкарғы мақсети Орайлық Азиядағы жағдайды турақластырыў, мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў, сондай-ақ, сиясий, экономикалық, илимий, гуманитарлық ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў, деп белгиленген. ШБШ жоқарыда айтылғанындай әскерий блок есапланбайды, бирақ, терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша контртеррор шынығыўларын өткерип турады. Соның менен бирге, Нәшебентликке қарсы стратегия ҳәм оны әмелге асырыў бағдарламасы тастыйықланған. ШБШның еки турақлы органы бар. Пекинде Муўапықластырыўшы кеңес ҳәм турақлы ислеўши секретариат, ал, Ташкентте Аймақлық Контртеррор структурасының атқарыў комитети жайласқан.
Айтыўымыз керек, Өзбекстан Республикасы 2021-2022-жылларда ШБШға басшылық еткен дәўирде конструктив бирге ислесиў кеңнен жолға қойылып, шөлкемниң жумыслары әдеўир жеделлестирилди ҳәм абырайы артты. «Ҳәр биримиз күшли болғанда ғана ШБШ күшли болады» деген шақырық астында жумыслар жолға қойылды. 80нен аслам кең көлемли илажлар әмелге асырылып, Самарқанд саммитинде 40тан аслам ҳүжжет қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Самарқанд саммитинде ислеген баянатының мазмун-әҳмийети ҳәм берилген конструктив усыныслары дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.
- ШБШның блокларға қосылмаў статусын ҳәм оның ашықлығын сақлап қалыў. Орайлық Азия ШБШның «географиялық ядросы» статусын сақлап қалыў зәрүр;
- ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық тараўларын қамтып алған, узақ мүддетли раўажланыўдың үстин жөнелислерин белгилеп беретуғын ШБШны 2040-жылларға шекем Раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;
- ШБШ мәмлекетлери экономикасын бир-бирин өз-ара толтырып барыўдың зәрүрлигин есапқа алған ҳалда жаңа экономикалық тараўда сөйлесиўлерди баслаў тийкарында санаат ҳәм технологиялық бирге ислесиўдиң улыўма мәканын пайда етиў;
- Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң барлық механизмлерин бирлестириў. Саўда ҳәм бажыхана тосқынлықларын жоқ етиў;
- Экономикалық бирге ислесиўди тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстанда ШБШ аймақларының бизнес шериклиги ҳәптелигин өткериў;
- Жоқары сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлерин жеткизип бериў ушын жетилискен логистика, «жасыл» ҳәм экспресс-коридорларды шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратыў.
- Келеси жылы Самарқандта «Өзбекстан — ШБШ» санаат зонасы базасында арнаўлы зоналар администрациялары басшыларының биринши ушырасыўын өткериў;
- Мәмлекетлер ҳәм айырым аймақлық күшлердиң қарама-қарсылықларында буфер ролин атқарып келген Аўғанстан, енди Орайлық ҳәм Түслик Азияны бир-бири менен байланыстырыўшы көпир ўазыйпасын әмелге асыратуғын тынышлық миссиясын әмелге асырыўы тийис;
- Термиз қаласында Аўғанстанды гуманитар қоллап-қуўатлаў бойынша Арнаўлы қор шөлкемлестириў усыныс етилди. Қор қаржылары мәмлекетти аўыр социаллық жағдайдан шығарыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын жумсалады;
- «Термиз — Мозори Шариф — Қабул — Пешавар» темир жолының жойбарын биргеликте әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаўымыз тийис. (Мағлыўмат ушынF Өзбекстан — Аўғанстан — Пакистан арқалы өтетуғын бул темир жолдың узынлығы 600 км. болып, сметасы 5 млрд. АҚШ долларын қурайды. Оның қурылысында Өзбекстан тәрепи қатнасады);
- Самарқанд саммити көлеминде Қытай — Қырғызстан —Өзбекстан темир жоллары қурылысы бойынша үш тәреплеме Питимге қол қойылыўын тарийхый ўақыя, деп есаплаймыз;
- Транспорт жолларын жаратыў Концепциясының қағыйдаларын әмелге асырыў мақсетинде БМШтың қоллап-қуўатлаўы тийкарында Ташкент қаласында Аймақлар-ара өз-ара байланыс орайын шөлкемлестириў усыныс етилди;
- Транспорт ҳәм коммуникациялар тараўында келешек жойбарларды додалаў ушын келеси жылы Өзбекстанда ШБШның биринши транспорт форумын өткериў;
- Арал тенизиниң экологиялық апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў бойынша зәрүр ҳаўа-райының өзгериўине байланыслы қолайлы жойбарларды ислеп шығыў, суўсызлыққа ҳәм топырақтың деградациясына қарсы гүресиў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў зәрүр;
- Университет ректорларының форумы, мәденият ҳәм туризм күнлерин, спорт жарыслары, универсиадалар өткериў, мәдениятлар ара байланыстың цифрлы платформасын иске түсириў арқалы виртуал музейлер, дөретиўшилик көргизбелери, илимий видеоконференциялар өткериў халықларымызды және де жақынластырады;
- Туризмди раўажландырыў қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўды және де жеделлестириў мақсетинде келеси жылды ШБШ аймағында Туризмди раўажландырыў жылы деп белгилеў усыныс етилди;
- Терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизм менен байланыслы жағдайларға дурыс баҳа берип, тийисли қарарлар қабыл етиў ушын Аймақлық контртеррор структурасы Кеңесиниң жыллық көшпели жыйналысларын әмелиятта жолға койыў;
- Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ушын қоспа платформаны жаратыў ўазыйпасы әҳмийетли болып бармақта.
Сөзимиз жуўмағында, Самарқанд саммити алдынан Президентимиз ШБШның келешек саммитинде қабыл етилетуғын қарарлар аймақлық дәрежеде ҳәм глобал көлемде бирге конструктив сөйлесиў, өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қосады, деп айтып өткен еди.
Ҳақыйқатында да, ҳәр тәреплеме таярлық көрилип, тийкарланған болжаўлар Самарқандта әмелге асты. Өзбекстан дипломатиясының жетискенлиги дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.
Президентимиз атап өткениндей, «Тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қәўип туўдыратуғын қәўип ҳәм қәтерлерге қарсы улыўма сай ҳәрекет ҳәм имканиятларды бирлестириў ҳәм мобилизациялаў бәршемиздиң мәплеримиз ушын бирдей пайдалы».
Батыр МӘТМУРАТОВ,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Аралбойы аймағын
раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары.