Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:42:18, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СӘНЕ МҮНӘСИБЕТИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Өткен ҳәпте ғәрезсиз мәмлекетимиз пайтахты — Ташкент қаласы және бир халықаралық илажға мезбанлық етти. Саўлатлы «Internаtional Hotel Tashkent» мийманханасында Өзбекстан Республикасы Президенти Администра­циясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды ҳәм ЮНЕСКО қәўендерлигинде 28-сентябрь — Халықаралық мәлимлемеден еркин пайдаланыў күнине бағышланған «Жасалма интеллект, электрон басқарыў ҳәм мәлимлеме еркинлиги» атамасында халықаралық семинар болып өтти.

Оған бир қатар халықаралық шөлкем ўәкиллери, экс­перт­лер, сондай-ақ, республикамыздағы тийкарғы басылымлар, ўәлаятлық газеталар Бас редакторлары ҳәм жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Еки күн даўам еткен әҳмийетли илажды Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары, Туризм ҳәм мәдений мийрас минис­три, Өзбекстанның ЮНЕСКО жумыслары бойынша миллий комиссиясы баслығы Азиз Абдухакимов, Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды директоры Нозима Давлетова, ЮНЕСКОның коммуникация ҳәм мәлимлеме мәселелери бойынша Бас директоры жәрдемшиси Тауфик Желасси ашып берди. Сондай-ақ, «Ашық ҳүкимет» қәўендерлик шөлкеми Бас атқарыўшы директоры Санжай Прадханның конференция қатнасыўшылары ушын видеомүрәжаты қойып берилди.

Халықаралық конференцияның биринши күнинде «Мәлимлемеге ийе ҳәм ўәкилликли пуқаралар ушын санлы басқарыў ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў» темасында дөгерек сәўбети болып, онда 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўында күн тәртибинде белгиленген мақсетлерге ерисиўде, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўда қолайлық жаратыў ушын шериклик және халықаралық мүнәсибетлерден кең ҳәм нәтийжели пайдаланыў усыллары көрип шығылды.

Әҳмийетли илаж бирнеше секторды өз ишине алып, оларда мәлимлеме алыў еркинлиги тараўындағы ең әҳмийетли темалар додаланды. Атап айтқанда:

- мәлимлемеден еркин пайдаланыўда инклюзив жантасыўды алға сүриўде электрон басқарыў ҳәм жасалма интеллекттиң роли;

- мақсетлер ашықлығы; санлы технология дәўиринде қатнасыў ҳәм есап-санақты қалай тәмийинлеў мүмкин!

- мәлимлеме алыў ҳаққындағы Нызам ҳәм оны әмелге асырыў тараўындағы жетискенликлер ҳәм басқа да жөнелислерде жергиликли ҳәм шет елли қәнигелер өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасты.

Сондай-ақ,  илаж шеңберинде Социаллық мүлк есапланған мәмлекетлик мағлыўматларды раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў сиясатының жаңаланған инструкциясы принциплери, ашықлық инновация ҳәм электрон басқарыўды қоллап-қуўатлаў бойынша инс­трукция принциплери және мәлимлемеден еркин пайдаланыў бойынша қунлы онлайн-тренинг презентациялары да болып өтти.

Халықаралық конференцияның биринши күнинде Бирлескен Миллетлер Шөл­кемине ағза мәмлекетлердиң мәлимлеме алыўдағы тийкарғы ҳуқықларын тән алыў ҳәм ҳүрмет етиў миннетлемелерин белгилеўде критерия болыўшы Ташкент декларациясы қабыл етилди. 

Халықаралық конференция жуўмағында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры Асаджон Ходжаев, ЮНЕСКОның коммуникация ҳәм мәлимлеме мәселелери бойынша Бас директоры жәрдемшиси Тофик Желасси ҳәм ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкили Сара Ношадилар илаж қатнасыўшыларына сертификатларды салтанатлы жағдайда тапсырды.

Қосымша етип айтатуғын болсақ, бул халықаралық конференция Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисиўлерди әмелге асырыўды тезлестириў бойынша «Жол картасы»на ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен шөлкемлери менен шерикликти раўажландырыў бойынша «Жол картасы»на киргизилген. Бул әҳмийетли илажды өткериў режеси 2020-жылы Париж қаласында коммуникация ҳәм мәлимлеме мәселелери бойынша басшылығы ҳәм ЮНЕСКО директоры О.Азуле менен болып өткен ушырасыўда келисилген.

ЮНЕСКОның 2015-жылы өткерилген конференциясында қабыл етилген Резолюцияға тийкар 28-сентябрь — Халықаралық мәлимлемеден еркин пайдаланыў күни деп жәриялан­ған ҳәм 2016-жылдан баслап кең түрде белгиленип келинбекте.  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен барлық мәмлекетлерде халықтың мәлимлеме алыў ҳуқы­қы­ның тәмийинленгенлик дәрежесин қадағалаў ЮНЕСКО жуўапкершилигине жүкленген. Ҳәр жылы бул сәне қарсаңында дүньяның түрли мәмлекетлеринде мәлимлеме алыў имканиятларын кеңейтиў бойынша ерисилген нәтийжелер анализленеди.

Ҳәр үш жылда өткерилетуғын бул илаж дәслеп Женевада, соң Тунис мәмлекетинде, пүткил дүньяға тәшўиш салған коронавирус пандемиясы себепли бир жыл кешигип Өзбекстанда жоқары дәрежеде шөлкем­лестирилди. Келеси конференциясын Париж қаласында өткериўге келисип алынды.

 

Қ.БАЙНИЯЗОВ.

Нөкис-Ташкент-Нөкис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF