Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:46:35, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЗАҚДӘРЬЯДА АЙТА ЖҮРГЕНДЕЙ БАЙРАМ БОЛДЫ

Бүгин Қарақалпақстанның барлық қала ҳәм аўыл-аймақлары абаданласыў, жаңаланыў, қурылыс майданшасына айланды десек асыра айтқан болмаймыз. Қай жерге қәдем бассаң да халқымыздың билек сыбанып қулшына мийнет етип атырғанына көзимиз түседи.

Қуяш нурына шағылысқан айдын ҳәм тегис асфальтланған көшелер түнниң түнектей пердесин түрип, әтирапты күндизгидей жарқыратқан жақтыландырғышлар халқымызға жақсы шараятларда жасаўға ҳақылысыз дегендей үмит ушқынларын тарқатып атырғандай сезим оятады...

Әзелден халқымыздың қанына қарысып кеткен ең қәстерли дәстүрлериниң бири ҳәр қандай байрамға есте қаларлықтай саўға таярлаў болып табылады. 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы республикамызда умытылмас қуўанышлы түрде күтип алынды. Әсиресе, байрам Мойнақ районында өзгеше руўхта өткерилди. Республикамыздың ең арқа зонасында жайласқан ҳәм ең алыс Қазақдәрья аўылы турғынлары байрамда саўғасыз қалмады.

Алыс жол, узақ мәнзил адамды талықтырады. Лекин, Қазақдәрьяның кең қыр-даласы кеўлиңди сергитип жибереди. Ҳаўаның тазалығын айт­пайсаң ба?! Қазақдәрьяшылар бурыннан соңға балықшылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен. Ҳәр қарыс жердиң қәдирине жетип, оннан үнемли пайдаланыўдың әдисин алған мийнеткеш халық.

Республикамызда аўыл хожалығы тараўын, соның ишинде шарўашылықты раўажландырыў, республикамызға нәсилли қарамалларды алып келиў ҳәм тараўға заманагөй технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылып атыр. Мойнақ районы Қазақдәрья елатында жайлас­қан «Муйноқ келажак бунёдкорлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети республикамызда шарўашылық хожалықлары ушын жаратыл­ған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған алдынғы шарўашылық хожалықларынан бири болып табылады. Бүгинги күни жәми­йет заманагөй бастырмалы малқоралар, арнаўлы техника ҳәм агрегатлар, сүтти қайта ислеўши цех, зооветерина­риялық пункт, шарўа қәнигелерин оқытыў орайы, малларды ҳасылландырыў орнына ийе. Шарўашылық комплекси тәрепинен 120 гектарға мәкке силосы ушын, 60 гектарға жоңышқа ҳәм 60 гектар­ға мәш егинлери егилген. Бүгинги күнге шекем 2000 тонна силос өними таярланып, жумыслар даўам етпекте. Сондай-ақ, 6 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиясы иске түсирилди. Шарўашылық комплексинде сырт еллерден алып келинген 242 бас нәсилли қарамаллар, соннан 137 бас сы­йырлар күтимли бағылмақта. Ал, жәмийет тәрепинен Түркия мәмлекетинен 22 сүт саўыў үскенеси алып келинип, олардың жәрдеминде ҳәр бир сыйырдан 20-25 литр сүт саўып алынбақта.

1-октябрь күни усы жәми­йеттиң Шарўашылық комплексинде аўыл хожалығы тараўына арналған көргизбели семинар болып өтти. Республикамызда суўдың әспеклигин есапқа алып, заманагөй технологиялар есабынан мал шарўашылығын раўажландырыўға айрықша дыққат қаратылмақта. Шарўашылық комплексинде  «Қазақдәрья» каналынан заманагөй технологиялар жәр­деминде суў алынып, тамшылатып суўғарыў усылы енгизилгени маллардың күтимли бағылыўына, комплекс әтирапында декоратив тереклер егиўге кең мүмкиншилик есигин ашқан.

Көргизбели семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, республикамызда шар­ўашылық тараўында алып барылып атырған жумыслар, соның ишинде нәсилли қарамалларды жергиликли ықлымға бейимлестириў, олардан жоқары көрсеткишли гөш өнимлерин ислеп шығарыў, базарларымызды арзан өнимлер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, аўыл хожалығы майданлары ушын тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў арқалы суўдан үнемли пайдаланыў, шорланған майданларда декоратив терек нәллерин өсириў, ирригация тармақларында суўдан нәтийжели пайдаланыў бағдарында турған ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти.

Кең көлемде өткерилген семинарда аўыл хожалығы тараўы бойынша көргизбе шөлкемлестирилди. Көргизбели семинарда тийисли тараў қәнигелери, барлық районлардағы мал шарўашылық фермер хожалықлары ўәкиллери, тараўға қызығыўшы студент жаслар ҳәм аймақ турғынлары қатнасып, ең шетки ҳәм аўыр шараятлы Қазақдәрья елаты мысалында жоқары жетискенликке ерисиў усыллары менен жақыннан танысты.

 «Муйноқ кележак бунёдкорлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жанында шөлкемлестирилген цехта таярланған өнимлер көргизбели семинар қатнасыўшыларының дыққатын тартқаны сөзсиз.

— Сүт өнимлерин қайта ислеп шығарыў цехымызға 2021-жылы Россия Федера­циясынан сүтти қайта ислеп шығарыў технологиясы бо­йынша керекли әсбап-үскенелер алып келип, жумыс басладық. Цехымызда алты адам жумыс пенен тәмийинленген. Он бир түрли өним ислеп шығарамыз. Атап айтқанда, қаймақ, сүзбе, иримшик, йогурт, қатық, айран ҳәм тағы басқа да өнимлер мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине, мектеплерге, сондай-ақ, улыўма аўқатланыў ҳәм саўда шақапшаларына жеткерип берилмекте. Биз өнимлеримиздиң баҳасын халықтың қалтасын ойлап, арзанлатып сатыўды жолға қойғанбыз. Жасырмаймыз, қарыйдарларымыздың дийдинен шыққандай сапалы өним болғанлықтан буйыртпа бериўшилер саны артып бармақта. Халқымызды арзан сүт-қатық өнимлери менен тәмийинлеўде излениўди даўам ете беремиз, - дейди цех технологы Д.Юлдашев. 

Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты раўажландырыўға арналған көргизбели семинар байрамға уласып кетти. Аўыл орайындағы қәд көтерген заманагөй киши футбол майданшасы көрген көзге оттай басылады. Байрам мүнәсибети менен пайдаланыўға тапсырылатуғын майданшаның ашылыў салтанатына аўылдың кишисинен үлкенине шекем тайда туяқ қалмай бас қосыпты. Жасыл гилемдей реңдеги майданшада жаслардың топ тебиўи кеўиллерди тебирендирип жибереди. Майданшаның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, аўыл халқын байрам менен қутлықлады. Буннан соң «Бес баслама олимпиадасы», «Үмит нәлшелери-2022» жарысларында сыйлы орынларды ийелеген қазақдәрьяшы жасларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

— Бүгин биз жаслар ушын умытылмас ўақыяларға бай болды. Себеби, өзлеримиздиң әрман-нийетлеримизге жетис­тик. Аўылымызда Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги қәўендерлиги жәрдеминде қурып берилген заманагөй киши футбол майданшасы бизлер ушын айрықша саўға болды. Миллионлар ойыны футболға қызығыўшы жаслар аўылымызда көплеп табылады. Буның айқын мысалы, жақында өткерилген «Үмит нәлшелери-2022» спорт жарысларында қазақдәрьяшы жаслар сыйлы екинши орынды ийеледи. Қолымыз узайды, алдағы ўақытлары буннан да бийик табысларға ерисиўге тырысамыз, - дейди илаж қатнасыўшысы Алишер Жетписбаев.

Илаж жуўмағында аўыл халқы ҳәм семинар қатнасыўшылары дыққатына республика көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевлар қат­насты.

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы, Қазақдәрья елаты.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF