Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:13:44, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТЛАР ӨЗ ШЕШИМИН ТАБАДЫ

Шымбай районында Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районы пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаўға  Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты. Өткерилген қабыллаўда жеке қабыллаўға жазыл­ған пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, өз  орнында шешим табыў илажлары көрилди.

Пуқаралар тәрепинен тийкарынан медицина, бәнтликти тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик тараўларындағы ушырасып атырған машқалалар, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Қабыллаўда 469 мәселеде 456 мүрәжат келип түскен болып, соннан 242 машқала орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, қысқа мүддетлерде унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Атап айтқанда, Тахта­көпир районы турғыны Баўыржан Қыдырбаевқа 15 миллион сум материаллық жәр­дем берилген болса, Светлана Мадреймованың перзентине контракт пуллары төлеп берилетуғын болды. Бозатаў районы турғыны Гүлсара Исметованың турақ жайының кадастр ҳүжжетлери жоқ екенлиги бойынша еткен мүрәжаты оның кем тәмийинленгенлиги есапқа алынып, сол орынның өзинде кадастр хүжжетлери бийпул рәсмий­лестирилип берилди.

Шымбай районы «Абат» МПЖ турғыны Кеўлимжай Разбековтың МПЖ аймағындағы көшелерге, Қараөзек ра­йоны «Есим өзек» АПЖ тур­ғыны Сүйеўбай Есжановтың аўыл аймағына ЩПС (қум щебен араласпасын) төсеў бо­йынша еткен мүрәжатлары да сол орынның өзинде унамлы шешилип, аймаққа керекли болған ЩПС материалы жеткерип берилетуғын болды.

Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ турғыны болған көп балалы ана Феруза Турған­баеваның турақ жай бойынша еткен мүрәжаты унамлы шешилип, «Жылўанжап» МПЖ­дан 4 ханалы социаллық турақ жай берилди.

Пуқаралардың машқалаларын шешиў жолындағы бундай қабыллаўлар елимизде «инсан қәдири ушын» принципинде алып барылып атыр­ған реформалардың және бир мысалы, халықты разы етиў сиясатының әмелий көриниси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF