ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОТЫЗ АЛТЫНШЫ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
Усы жыл 3-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз алтыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе — Қарақалпақстан Республикасында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўы ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары — Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Н.Ерлепесов баянат жасады.
Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Ю.Алимов қосымша мәлимлеме берди. Соң бул бағдарда тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәм де ҳәкимликлер тәрепинен турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтыншалық жумыс орынларын жаратыў, бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў мәселелерине кеңирек тоқтап өтилди.
Көрип шығылған мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Өткен қысқа дәўир ишинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша жәми 2 пәрман ҳәм 14 қарар қабыл етилди. Қабыл етилген бул пәрман ҳәм қарарлар Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды, сондай-ақ, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға, исбилерменликти және де раўажландырыўға беккем тийкар болмақта.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша сектор басшыларының мәлимлемелери тыңланды.
Сессияда бул бағдарда, сектор басшылары тәрепинен орынларға шыққан ҳалда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Депутатлар «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлериниң қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.