Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:22:44, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — ХАЛЫҚТЫҢ МЕДИЦИНАЛЫҚ МЎДЕНИЯТЫН АРТТЫРЫЎ

Халықтың жуқпалы болмаған кеселликлер менен кеселлениўиниң ҳәм олардың қәўипли ақыбетлериниң алдын алыў, емлеў ҳәм қадағалаў ушын профилактика илажларын нәтийжели муўапықлас­тырыўға айрықша итибар қаратыў керек.

Усы мақсетте Президентимиздиң 2022-жылдың 7-июль күни «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың денсаўлығын қорғаўды күшейтиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, тараў хызметкерлериниң алдына бир қанша ўазыйпалар қойылған еди. Жақында Республикалық балалар туберкулҢзге қарсы гүресиў санаториясында өткерилген илаж да усы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

«Саламат турмыс тәризи тийкарлары ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы» атамасындағы семинарды Өзбекстан «Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық ҳәрекетшеңлигин арттырыў» орайы директоры Н.Алиханова алып барды.

Илажға Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы шаңарақлық поликлиникалардың, Әмиўдәрья, Нөкис, Хожели районлары медицина бирлеспелериниң қәнигелери қатнасты. Семинарда дурыс аўқатланыўды шөлкемлестириў, артықша салмақтың алдын алыў бойынша баянатлар тыңланды.

— Дурыс аўқатланбаў көплеген кеселликлердиң, әсиресе, жүрек-қан тамыр, қантлы диабет кеселликлериниң, қан басымының көтерилиўине, инсульт ҳәм инфаркттың келип шығыўына себеп болады, -дейди «Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық ҳәрекетшеңлигин арттырыў» орайының Нөкис қалалық бөлими баслығы Т.Рахметова. — Дурыс аўқатланыў қағыйдаларына әмел етиў, ҳәмме ўақыт физикалық ҳәрекетшеңликке итибар қаратыў олардың алдын алыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF