АСАДБЕКТИҢ АЛМАЛЫҚТАҒЫ ТАБЫСЫ
Жақында Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласында спорттың жекпе-жек гүрес түри бойынша WORLD USMANOV‘S COMBAT SYSTEMS ASSOCIATION Азия чемпионаты болып өтти. Онда континентимиздиң түрли мәмлекетлеринен келген спортшылар жеңимпазлық ушын маўасасыз гүрес жүргизди.
Қуўанышлысы, чемпионатта жерлесимиз Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студенти Асадбек Қырықбаев табыслы қатнасып, Азия чемпионы деген атақты жеңип алды. Чемпионатта 100 килограммнан аслам салмақ категориясында қатнасқан Асадбек қазақстанлы ҳәм тәжикстанлы қарсыласларынан басым келди ҳәм алтын медальды қолға киргизди.
1999-жылы Нөкис қаласында туўылған Асадбек жаслайынан спорт пенен шуғылланды. Пайтахтымыздағы 10-санлы мектепте оқып жүрген пайытларында дәслепки тренери Медет Ережеповтың қол астында шуғылланды. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының «Спорт түрлери» (еркин гүрес) қәнигелигиниң 4-курсында оқып атыр.
— Чемпионаттағы ҳәр бир беллесиў кескин гүреслер астында өтти, - дейди Асадбек. — Мен өзимди қоллап-қуўатлаған барлық жанкүйерлеримниң, устазларымның исенимин ақлағаным ушын қуўанышлыман. Буның ушын балалығымнан спортқа қызықтырған мектептеги устазларым Абат Изимбетов, Мухтар Абдреймов, биринши тренерим Медет Ережепов, филиалдағы устазларым Муратхожа Казаев, Азамат Пиримбетовларға, директорымыз Байрам Мәмбетовларға терең миннетдаршылығымды билдиремен ҳәм алдағы ўақытлары буннан да жоқары табысларға ерисиўге ҳәрекет етемен...
Ҳәзирги ўақытта Асадбек Қырықбаев пайтахтымыздағы жоқары спорт шеберлиги мектебиниң тренери, белгили спорт қәнигеси Мурат Каукышевтиң қол астында шуғылланып атыр.
Мурат ТИЛЕЎБАЕВ,
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының баспасөз хаткери.
СҮЎРЕТТЕ: Асадбек Қырықбаев.