ЗАМАНАГӨЙ ТЕХНОЛОГИЯЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
Нөкис қаласындағы Жасларорайында «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында ноутбук, заманагөй компьютер ҳәм принтерлер тапсырылды.
Илажда Нөкис қаласындағы сектор басшылары, жаслар ҳәм олардыңата-аналары қатнасты.
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Махсетбаев шығып сөйлеп, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында республикамыз, соның ишинде, Нөкис қаласы жасларының машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап айтқанда жаслардың социаллық-экономикалық машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў бойынша «Нөкис қаласының тәжирийбеси» жаратылды. Усы тийкарда жумысшы топар тәрепинен барлық мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы 14-30 аралығындағы жаслардың толық балансы жаратылды. Оларға басқышпа-басқыш жәрдемлер көрсетилип, бәнтлиги тәмийинленбекте.
Илаж соңында 155 жасқа субсидия тийкарында ноутбук, заманагөй компьютер ҳәм принтерлер тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.