Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:08:24, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИДАЙЫЛЫҚ  ҮЛГИСИ

Инсан ушын өмириндеги ең умытылмас дәўир — бул оның бийғам балалығы. Биз де балалық дәўиримизди сағыныш пенен еслеймиз. Әсиресе, билим нурларын санамызға сиңдирген кеўли дәрья, кишипейил, пидайы устазларымыз келбети бир өмир инсан кеўлинде мөрленип қалса керек.

Байрам қарсаңында қолыма туңғыш қәлем услатып, ҳәрип танытып, билимлер сандығын көкирегиме жайлаған қәдирдан биринши муғаллимим ҳаққында жазыўды ойласам да, ылайықлы мийнетлерин кишкене мақалама сыйдыра аламан ба, деген ойлар өтти. Турмыстың түрли тараўларына қаншадан-қанша перзентлерин қанат қомлатып, үлкен өмир гүзарына жоллаған.  Кегейли районы «Ақтуба» елатындағы 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 30 жыл даўамында баслаўыш класс муғаллими болып ислеген устазым Зарипа Бердибаеваның тутқан орны салмақлы. Оның менен танысыўымыз мектеп босағасына қәдем атып, ата-анамыздың ыссы қушағынан бизге пүткиллей жат болған орталыққа түскенимизде, өзине жақын тутып, анамыздың ыссы алақаны сыяқлы қолымыздан жетелеп, мектеп аталмыш уллы дәргай партасына отырғызыўдан басланды. Оның сол ўақыттағы балаларға бирдей әлпайым қатнасы, көпшиликке тез үйир-шүйир араласып кетиўимиздеги берген тәлим-тәрбиясы бийбаҳа. Сөзимизге мысал ретинде жаңа оқыў жылы басланып атырғанда аўылласларымның көпшилиги балаларын Зарипа муғаллимге бериўге таласып, оның оқытыўын қәлеўи, пидайы устаз екенлигин және бир мәрте дәлилейди.

Халық — тәрези. Себеби, ҳақыйқый баҳаны халық береди. Оннан өтетуғыны жоқ. Устазымыз усы пайызлы мәканда ҳүрмет-иззетке ерискен абырайлы, көпке үлги шаңарақлардың бири Бердибаевлар шаңарағында камалға келди. Әкеси Низаматдин ҳәм анасы Жығагүл өмиринше аўыл хожалығы тараўында жумысшы болып иследи.  Жети перзентин камалға келтирип, қатарынан кем етпей, түрли тараўлардың маман қәнигеси етип жетилистирди.

З.Бердибаева дәслеп аўыл орайындағы төрт жыллық мектепте, кейин 11-санлы мектепти айрықша баҳалар менен тамамлады. 1975-жылы Шымбай педагогикалық училищесин питкерип, сол жылы өзи оқыған  мектепке баслаўыш класс муғаллими болып қайта оралды. Жумыс­қа келген күнинен баслап, тил алғышлығы ҳәм талапшаңлығы менен көзге түсип, үлкен  жәмәәтке тез енисип, өзин оқытқан устазлары менен жас әўлад­қа билим бере баслады. Устазымыздың балалардың кеўлине қонымлы етип, ҳәр бир сабаққа пуқта таярлық пенен келиўи елеге шекем ядымызда. Егер класс­та үлгериўи төмен оқыўшы болса, дәрҳал алдынғы партаға отыр­ғызып, керек болса сабақтан соң да алып қалып, басқаларға жетип алғанынша тынып-тыншымайтуғын ҳәрекетлери нағыз өз кәсибине болған жоқары жуўапкершилик ҳәм пидайылықтың үлгиси болса керек. Оның ис- тәжирийбелери тек мектепте емес, район көлеминде де баслаўыш класс бирлеспелеринде ен жайдырылып, додаланды. Ра­йон көлеминде өткерилген «Ағла муғаллим» таңлаўына қатнасып, 2-орынды алды. Әсиресе, балалардың ҳәр қыйлы ойынлар арқалы ойлаў қәбилетин жетилистирсе, қызықлы математикалық есаплар, мәселелер шешиў менен руўхый санасын раўажландырыўға үлес қосты.

Мине, устаздың усындай билимлендириў тараўындағы жас әўладты тәрбиялаўдай машақатлы жолларда басып өткен мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, бир неше мәрте ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Ҳаял адамның бахты шаңарағының тыныш-татыўлығы, перзентлериниң камалы менен татлы. Тәғдир қосқан өмирлик жолдасы, математика пәни муғаллими Жумағалий Тәжбенов пенен бирге бир жәмәәтте жемисли мийнет етип, қуўаныш-қай­ғысын тең бөлисип, бүгинлиги биргеликте ҳәўес етерликтей бахытлы ғаррылық дәўранды кеширмекте. 6 перзентти тәрбиялап, улын уяға, қызын қыяға қондырып, қатарға қосты. Перзентлеринен Гүлчехра ҳәм Диларам ата-анасының жолынан барып, муғаллим болып ислеп атыр. Олардан өрбиген он алты ақлықты әлпешлеп, перзент тәрбиясындағы өмирден топлағанларын перзентлерине жумсап, ақлықларының сүйикли атасы ҳәм кемпир апасына айлан­ған.

Устазымыздың үйи шәкиртлери менен және де пайызлы. Шәкирт­лериниң излеп келип, хабар алыўы еки бирдей устазымызды шексиз қуўанышқа бөлейди.

 

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

CҮЎРЕТТЕ: Зарипа Бердибаева өмирлик жолдасы Жумағалий Тәжбенов пенен.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF