Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:30:30, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӘСИБИНЕ ШЫН БЕРИЛГЕН МУҒАЛЛИМ

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соң жәмийетте ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, олардың абыра­йын арттырыўға айрықша дыққат аўдарылмақта.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың билим алыўы, бир кәсиптиң маманы болыўы, атақ-абырайы, ерлер менен тең ҳуқықлылығы, шаңарақты беккемлеўи, перзент тәрбиясында орны айрықша  болып табылады.

Илим ҳәм техниканың, инсаният сана-сезиминиң тез пәт пенен раўажланыўы, дүнья жүзилик глобаль өзгерислер заманагөй педагогика ўәкиллерине жаңадан-жаңа ўазыйпаларды жүклеп атырғаны бәршеге белгили. Жәҳән жәмийетшилигинен барған сайын тереңирек орын ийелеп атырған ғәрезсиз мәмлекетимизде бул жағдай айрықша түс алған, десек асыра айтқан болмаймыз. Дәўир, бүгинги күн муғаллимлеринен мектепке келип, тек сабағын оқытып кетиўди ғана емес, ал, оқыўшыларға заманға сай тәлим-тәрбия бериўди, тек булар менен шекленип қалмай, өзлериниң де билим ҳәм педагогикалық көнликпелерин, интеллектуаллық дәрежесин жетилистирип барыўды талап етпекте. Өз үстинде тынбай ислеп ҳәм изленип, кәсиплик шеберлигин ис-тәжирийбесин тынымсыз арттырып киятырған педагог қәнигелер арамызда көплеп табылады. Бүгинги кәсиплик байрамы мүнәсибети менен олардың бири — пайтахтымыздағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебиниң технология пәни оқытыўшысы Қарлығаш Юлдашева туўралы азы-кем сөз еткенди мақул көрдик.

1965-жылы Қарақалпақстан Республикасының Хожели ра­йонында дүньяға келген Қарлығаш балалығынан-ақ муғаллимшиликке меҳир қойып, келешекте пидайы кәсип ийеси болыўды өзиниң алдына мақсет етип қойды. Бул мақсет оны орта мектепти питкергеннен кейин Қазақстан мәмлекетлик Ҳаяллар педагогикалық институтына ҳүжжет тапсырыўға ийтермеледи ҳәм кириў имтиханларынан табыслы өткен Қарлығаш инс­титуттың физика факультетине оқыўға түсти.

Студентлик алтын дәўир көзди ашып-жумғанша өтип, 1987-жылы институтты табыслы тамамлаған ол өзи туўылып өскен Хожели районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде физика пәни оқытыўшысы болып мийнет жолын баслады. Буннан соң райондағы 36-санлы кәсип-техникалық училищесинде ислеген ол 30 жылдан берли Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде жас әўладқа билим сырларын үйретип киятыр. Усы ўақыт ишинде оқыт­қан шәкиртлери елимиз халық хожалығының түрли тараўларында мийнет етпекте.

— Президентимиздиң биз, муғаллимлерге көрсетип атыр­ған үлкен меҳир ҳәм итибарынан кеўлимиз таўдай көтерилип, жүрегимиз шексиз мақтанышқа толмақта,-дейди Қарлығаш Юлдашева. — Дүнья хал­қының ҳәўесин келтирип атырған бундай кең жеңиллик ҳәм имканиятлар, жаслардың тәлим-тәр­биясына қаратылып атырған үлкен итибар елимиздиң келешеги болған жас әўладтың тәрбия­сы ушын жуўапкерликти толық сезиўге, билдирилген жоқары исенимди ҳадал мийнетимиз бенен ақлаўға, оған мүнәсип болыўға шақырады...

Өзиниң көз нурын, жүрек жылыўын, пүткил барлығын жас әўладтың тәрбиясына бағышлайтуғын оқытыўшы ҳәм устазлардың мийнети, мәртлиги ҳәр қандай жоқары баҳаларға мүнәсип. Солай екен, бүгинги кәсиплик байрамында Қарлығаш Юлдашева ҳәм оның мыңлаған кәсиплеслери туўралы қанша жазсақ та арзыйды.

Қарлығаш Юлдашева тәжирийбели педагог болыўы менен бирге үлгили үй бийкеси де. Өмирлик жолдасы Жалғас Жолманов пенен биргеликте еки ул, бир қызды тәрбиялап, камалға келтирди. Уллары Жәнибек ҳәм Нурқанатлар саўда менеджери болып ислесе, қызы Жансулыў Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий хирургия орайының Нөкис филиалында кадрлар бөлиминиң баслығы ўазыйпасын атқарып атыр.

Өз кәсибине шын берилген, жас әўладқа заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында тәлим-тәрбия бериўди мақсет еткен Қарлығаш Юлдашевадай муғаллимлеримиз бар екен, елимиз келешеги ийелериниң ертеңги күни исенимли қолларда екенлигине гүман жоқ.

 

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: Қ.Юлдашева.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF