ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР ЖЕТЕГИНДЕ
Устаз. Ол уллы инсан. Биз оларды бәрқулла көклерге көтерип, ҳүрмет-иззет ҳәм мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды. Әлбетте, устаз деген атқа ерисиўдиң арқасында қаншадан-қанша мийнет, пидайылық, талапшаңлық көринеди.
Буны биз барлық устазлар қатарында Қараөзек районындағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили пәни оқытыўшысы, Қараөзек районлық Кеңеси депутаты Сәрсенгүл Сайымованы да тилге тийек етсек арзыйды. Көп жыллық педагогикалық ис-тәжирийбеге ийе аўыллық мектепте билим берип атырған оқыўшыларының пүткил Өзбекстан көлеминде жоқары көрсеткишлерге ерисип атырғанлығын үлкен мақтаныш пенен айтсақ болады. Оқыўшылары Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилип атырған пән олимпиада, билимлер беллесиўи таңлаўларында сыйлы орынларды ийелеп келмекте. «Өзбек тили — мақтанышым» шығармалар таңлаўының Өзбекстан басқышында оқыўшысы А.Қайыпназарова жеңимпаз болып, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен I дәрежели диплом ҳәм ноутбук пенен сыйлықланды.
Және де атап өтетуғын болсақ, 2020-2021-оқыў жылында 11-класс оқыўшысы Г.Иманназарова өзбек тили пәнинен тийкарғы пән олимпиадасының IV басқышында екинши орын жеңимпазы болған болса, 2021-2022-оқыў жылында 11-класс оқыўшысы А.Қайыпназарова өзбек тили пәнинен тийкарғы пән олимпиадасының IV басқышында Өзбекстан Республикасы көлеминде сыйлы биринши орын жеңимпазы болғанлығы устаз ушын шексиз қуўаныш болды.
Ҳақыйқатында да әўел бастан перзентлеримизди билимли, әдеп-икрамлы етип тәрбиялаў шаңарақтан басланып, ата-ана өз перзенти ушын жан күйдирип тәрбия берсе ғана өмирден өз орнын табыўға ҳеш гүман туўдырмайды. Сонлықтан да, перзентлеримиздиң келешекте билимли, кәмил инсан болып жетилисиўи ушын мәмлекетимиз тәрепинен бирқанша қолайлылықлар жаратылып, ибратлы ислер әмелге асырылмақта. Булардың барлығының негизинде Президентимиздиң тараўға қаратылып атырған дыққат-итибарының айрықша бир көриниси турғанлығы өз тастыйығын таппақта.
— «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады» деген қанатлы пикирди мен өзим билим берип атырған оқыўшыларым мысалында айтатуғын болсам, мектебимиздеги бүгинги умтылыўшаң жасларымыздағы унамлы өзгерислер кеўлимди қуўандырады. Биз оқытыўшылар билимге қуштар оқыўшы жасларымызға бәрқулла заманға сай билим бере алсақ ғана муғаллим деген ҳүрметли атқа ылайық бола аламыз. Өзимниң көп жыллық тәжирийбемнен келип шығып, әсиресе, соңғы үш-төрт жылдағы билимлендириўдеги өзгерислерге аяқ қосыў оғада жуўапкершиликли екенлигин, жәмийетимизде муғаллимниң абырайының артқанлығын терең сезинемен. Бүгинги жас әўладтың билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў, саламат ҳәм нәўқыран етип тәрбиялаў, ана-Ўатанға сүйиспеншилик руўхында камал таптырыў барысындағы нәтийжели мийнетим көксиме сыйлық болып тағылды,-дейди Сәрсенгүл Сайымова кеўлиндегисин толып-тасып.
Ҳақыйқатында да, мийнеттиң жемиси ҳәм нәтийжеси оған бахыт алып келди. Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны менен сыйлықланған болса, арадан және ўақыт өтип, «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны несип етти. Мәмлекетимизде, яғный, жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызларға жаңаша көзқарас қәлиплесип, үлкен исеним жүкленип атырған бүгингидей бир пайытта әпиўайы аўыл муғаллими сыпатында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси депутаты болып сайланыўы муғаллимге деген ҳүрмет ҳәм исенимниң көриниси.
Бүгинги күнде «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»нде дизимде турған ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытып, өзин-өзи бәнт етип, шаңарағына дәрамат киргизиў бойынша түсиник жумысларын алып бармақта. Халық пенен бирге ислесиў, олардың машқалаларын тийисли орынларға алып шығыў ҳәм шешилиўин тәмийинлеў сыяқлы бир қатар депутатлық жумысларында белсендилик көрсетпекте. Оқыўшыларға билим бериў менен бирге газета-журналларға мақала жазыў, ис-тәжирийбелерин ен жайдырыў мақсетинде Өзбекстан илим-пән ҳәм билимлендириў темасындағы илимий конференцияда өзиниң мақала ҳәм тезислери менен қатнасып, 2020-жылы «Илим-пән ҳәм билимлендириўдиң раўажланыў келешеги» атлы конференциялар топламына «Өзбек тилинде сөзлердиң мәни ҳәм түрлери» темасындағы мақаласы киргизилип, арнаўлы сертификат алыўға миясар болды.
Усы жылдың август айында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде өткерилген жыйналыста 2021-2022-оқыў жылында өткерилген пән олимпиадасы басқышларында оқыўшылары жеңимпаз болған бир қатар оқытыўшыларды сыйлықлаў мәресиминде С.Сайымоваға да Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен ақшалай сыйлық тапсырылды. Педагоглардың усындай иззет-ҳүрметте болыўы оларға алдағы жумысларда унамлы тәсирин тийгизери сөзсиз.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: устаз Сәрсенгүл Сайымова сабақ пайытында.