ТАҢЛАЙДА ТАТЫҒАН ТАҒАМЛАР
Усы жылдың 29-30-сентябрь күнлери Мойнақ районы ҳәм Нөкис қаласында Сулайман Бақырғаний туўылған күниниң 900 жыллығына бағышланған халықаралық конференция, «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы өткерилмекте.
Мойнақ районында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған Мойнақ аэропортында жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар, илажларды сәўлелендириў ушын келген ғалаба хабар қураллары ўәкиллери салтанатлы күтип алынды. Қатнасыўшылар районның дыққатқа ылайық орынлары менен танысты.
Кейинги жылларда елимизде барлық тараўлар сыяқлы, туризм де жедел раўажланып бармақта. Республикада ишки туризмди ғалаба ен жайдырыў, сырт елли туристлердиң ағымын тартыў мақсетинде ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар қарарлар, жойбарлар әмелге асырылмақта, жаңа басламалар қоллап-қуўатланбақта. Туристлик мәўсим даўамында дүньяның бир қатар мәмлекетлеринен көп санлы сырт елли туристлердиң ағымын күшейтиў ушын бүгинги күнде елимиз жетерли туристлик потенциалға ийе болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районлары өз алдына туристлик дестинациялар болып есапланады ҳәм олардың қатарына Нөкис қаласы, Шымбай районы, Қарақалпақстанның қубла аймағы (Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районлары) ҳәм, әлбетте, Мойнақ районы да киреди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2022-жыл даўамында республикада өткерилетуғын мәдений-кеўилашар ҳәм ғалабалық спорт илажларының календарь режесинен Мойнақ районында «Navruz» этнофестивалы, миллий ат спорт фестивалы, «СТИХИЯ» халықаралық электрон музыка, көркем өнер ҳәм илим фестивалы, Үстирт тегислиги бойлап «RALLY MUYNAK» экстремал автожарысы, «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрдеги тағам» гастрономиялық фестивалы да орын алған.
Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына еткен сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген мәжилис билдириўине муўапық түркий улама деп тәрийплениўши, әпсаналы суфий шейх, поэзияның ири ғайраткерлеринен бири болған Ҳәким ата — Сулайман Бақырғанийдиң туўылған күниниң 900 жыллығына бағышланған халықаралық конференция, сондай-ақ, Мойнақ районына сырт елли туристлердиң ағымын көбейтиў, әсиресе, ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық художниклер ҳәм дөретиўшилер фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивальды өткериўди шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди. Бул тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли мәжилис протоколы тастыйықланды.
Күнниң екинши ярымында халықаралық конференция қатнасыўшылары райондағы Сулайман Бақырғаний мақбарасын зыяратлады ҳәм ол жерде алып барылып атырған археологиялық қазылма жумыслары менен танысты. Бабамыздың руўхына қуран оқылды. Археологиялық қазылма жумыслары даўамында табылған буйымлар көрсетилди.
Усы күнниң өзинде «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестиваль жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Таңлаў жуўмағында Беруний районы аспазлары биринши, Қоңырат районы аспазлары екинши, Әмиўдәрья районы аспазлары үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, «Ең жас аспаз», «Ең тәжирийбели үй бийкеси» «Ең зор безелген балық тағамы», «Ең заманагөй балық тағамы», «Ең тарийхый балықтан исленген тағам», «Ең зор безелген дастурхан» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
— Балықтан таярланған 50 ден аслам тағам менен қатнасып, биринши орынды қолға киргиздик, - дейди Беруний районынан аспаз Ҳайтбай Қозиев. — Мойнақшылардың атап өтиўинше, балықтан 100ден аслам тағам таярлаў мүмкин екен. Келешекте балықтан таярланатуғын тағам түрин көбейтип барамыз. Ең баслысы бул тағамлардың ҳәр бири инсан саламатлығы ушын пайдалы болып есапланады...
Фестиваль белгили көркем өнер шеберлери ҳәм эстрада жулдызларының қатнасыўындағы гала концерт пенен жуўмақланды.
Бүгин Нөкис қаласында Сулайман Бақырғанийдиң туўылған күниниң 900 жыллығына бағышланған халықаралық конференция өз жумысын даўам еттирмекте.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.