Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:13:33, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЙКАРҒЫ РЕЖЕЛЕР ХАЛЫҚТЫҢ АБАДАНЛЫҒЫНА БАҒДАРЛАНАДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис ра­йонының социаллық-экономикалық раўажланыўының барысы, ра­йонда халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Дәслеп аймақта гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша алып барылып атыр­ған жумысларды еле де жеделлестириў бо­йынша көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, «Саманбай» АПЖда жайласқан 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қосымша жаңа имараты қурылыс жумыслары менен танысты. Қурылыс жумысларындағы артта қалыўшылықты сапластырыў, тийисли тараў басшыларының жуўапкершилигин күшейтиў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпалардың бири екенлигин атап өтти.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орын­баев минис­трлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, районның белсендилери, депутатлар, сектор басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Мәжилисте районның социаллық-экономикалық ҳәм ин­фраструктуралық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атыр­ған жумыслар, мәҳәлле аймақларын абаданластырыў, халықтың жасаў шараятын еле де жақсылаў бағдарындағы кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, ажыратылған субсидиялардың талан-тараж етилгенлиги, есабатларда қосып жазыўлар, нызамбузыўшылық жағдайлары ушырасып атыр­ғанлығы да атап өтилип, тийисли тараў басшыларына жүзеге келген жағдайды ҳәр тәреплеме таллап, ти­йисли жуўмақ шығарыў лазымлығына кеңнен тоқтады. Орын алған кемшиликлерди қысқа мүддетлерде сапластырыў бо­йынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF