МУҒАЛЛИМНИҢ АБЫРАЙ-МӘРТЕБЕСИ — МИЛЛЕТТИҢ, ХАЛЫҚТЫҢ АБЫРАЙ-МӘРТЕБЕСИ
Усы жыл 30-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм Президентимиздиң муғаллимлер ҳәм устазларға жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Атап өтилгениндей, 2022-2026-жылларда халық билимлендириўи системасын раўажландырыў бойынша Миллий бағдарлама тийкарында елимизде кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик бюджет есабынан барлық заманагөй шараятларға ийе бир қанша мектеплер қурылып, олардың материаллық-техникалық базасы жақсыланбақта. Атап айтқанда, билимлендириў мәкемелери қосымша оқыў үскенелери топламы, заманагөй компьютерлер менен тәмийинленди.
Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.МирзиҢевтиң Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўын халқымыз айрықша қанаатланыўшылық пенен қарсы алды. Байрам қутлықлаўындағы «Ҳәр бир инсан өмиринде қандай жетискенликке ерискен болса, оларда қәдирдан муғаллим ҳәм устазлардың шексиз үлеси бар екенин өмиринше миннетдаршылық пенен еслейди» деген сөзлер олардың мийнетине болған айрықша ҳүрметтиң белгиси болып табылады.
Мәжилисте бир топар кәсип пидайыларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан шығып сөйлегенлер тараўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.