ТЕРИ ЛЕЙШМАНИОЗЫ ҲАҚҚЫНДА БИЛЕМИЗ БЕ?
Тери лейшманиозы — эндемикалық, паразитал, жуқпалы трансмиссив кеселлик болып, вицерал ҳәм тери лейшманиозы кемириўшилер жасайтуғын шөлистанлықларда ушырап турады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Қашқадәрья ўәлаятларының айырым шөлистанлықлардағы қызыл қуйрықлы қум тышқаны ҳәм басқалар тийкарғы инфекция дереги екенлиги мәлим болды. Олардың денесиндеги кеселлик қозғатыўшылары-шыбынлар (москитлер) адамға өтип, лейшманиозы жуқтырыўы мүмкин.
Тери лейшманиозының бир неше түри парқланады. Мәселен, қала түри (синонимлери: «биринши тип», «кеш жараланатуғын», «ашхабадка», «кокандка», «жыл жарасы»); аўыл түри (симптомлары: «екинши тип», «өткир некрозланатуғын», «пендинка», «мурғаб жарасы»); үшинши түр (туберкулоид лейшманиозы).
Москиттиң қан сорып, терини жарақатлаған орнында кейин ала кеселликке тән бөртпелер, яғный, лейшманиомалар пайда болады. Әдетте, москит секирип-секирип, териниң бир нешше жеринен қан сорыйды екен, ҳәр шаққан жеринде лейшманиома жүзеге келип, наўқас терисинде биреўден бир нешше жүзлеген лейшманиомалар пайда болады. Лейшманиомалар санына қарап эпидемиологиялық жағдайға баҳа бериледи.
Оның аўыл түри 2-3 ҳәптелик инкубациялық дәўирден кейин териде биринши күннен-ақ, өткир асқыныўлар менен кешетуғын фурункулға уқсас түйин яки ири бөртиклер пайда болыўы менен басланады. Бир-еки ҳәпте өткеннен соң лейшманиоманың орайында шуқыр шегаралы жара пайда болады. Жараның формасы овал тәризли, түби сарғыш-күл рең некротикалық перде менен қапланады.
Лейшманиоздың аўыл түринде жаралар тез 4-6 см ҳәм оннан үлкенирек болып, әтирапында көтерилип турған инфильтрат пенен ажыралып турады. Соң жара некрозлардан тазаланып, балықтың қызыл уўылдырығына усас грануляциялар раўажланады. Бул көринис жаралардың тез жақсы болып кетиўиниң белгиси болып есапланады. Жара орнында пайда болған тыртық көп жыллардан кейин де наўқастың лейшманиоз бенен кеселленгенлигин көрсетип турады. Қала лейшманиозында саўалыў дәўири орташа бир жылға тең ҳәм бул кеселликке «жыл жарасы» деп аталыўына тийкар болған. Лейшманиоздың қала түри менен кеселленген наўқас аўыл түри менен кеселленген наўқас басқа кеселленбейди.
Наўқасланыў жылдың тек ыссы, шыбынлар көп ушатуғын мәўсимлеринде, яғный, май-ноябрь айларында ушырайды. Профилактикалық жумыслары инфекция дереги болған кемириўшилерди жоқ етиў ҳәм саў адамларды шыбынлар ҳүжиминен қорғаўдан ибарат.
Лейшманиозға қарсы гүресиўде профилактикалық илажларды өткериў ақылға муўапық болады. Кемириўши ҳайўанлардың (мәселен, тышқанлардың) уяларын хлорпикрин, цианидлер менен зәҳәрлеў усылында жоқ етиў, шыбынларды, олар жасайтуғын турғын суў ҳәўизлерин инсектицидлер менен зәҳәрлеў, саў адамларды қорғаў ушын арнаўлы қуралларды қолланыў талап етиледи. Сонда ғана биз бул кеселликтен сақланған боламыз.
Айсултан КАМАЛОВА,
Республикалық қәнигелестирилген дермато-венерология ҳәм
косметология илимий-әмелий медицина орайының аймақлық
филиалы шыпакери. I категориялы дерматовенеролог шыпакери.