«АҚЫЛЛЫ ГАЗ» ЕСАПЛАҒЫШЛАР
Республикамыздағы жеке хожалықлардың 97,3 процентине орнатылды
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде тәбийғый газди есапқа алыўдың автоматластырылған системасын турмысқа енгизиў бойынша жаңа заманагөй электрон газ есаплағыш үскенелерин орнатыў жумыслары даўам етпекте.
Республикамызда жеке хожалықларға қанша газ есаплағыш үскенеси орнатылды ҳәм бул улыўма орнатылыўы керек болған газ есаплағыш үскенесиниң неше процентин қурайды?
— «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен 2020-2022-жылларда қубырлар арқалы тәбийғый газ бенен тәмийинленген 241592 жеке хожалыққа электрон газ есаплаў үскенелерин орнатыў ҳәм тәбийғый газдиң есабын ҳәм қадағалаўын жүргизиўдиң автоматластырылған системасын турмысқа енгизиў белгиленген,-дейди филиалдың бас инженери Бахыт Аймурзаев. — Бүгинги күнге шекем 235140 жеке хожалыққа «ақыллы» газ есаплағышлары орнатылды. Бул көрсеткишти процент есабында алып қарайтуғын болсақ, 97,3 процентти қурамақта.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы, Тақыятас, Қоңырат, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларындағы тутыныўшы жеке хожалықларға усындай газ есаплағыш үскенелерин орнатыў жумыслары даўам етпекте. Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ, Бозатаў, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районларындағы тутыныўшыларға 81541 дана газ есаплағыш үскенелери 100 процент орнатылды.
Жеке хожалықларға бул электрон газ есаплағыш үскенелерин орнатыў ушын жумсалатуғын барлық қәрежетлер газ тәмийнаты кәрханасының есабынан әмелге асырылды.
Усы системаны турмысқа енгизиўден гөзленген тийкарғы мақсет — тутыныўшыларға жеткерилип берилетуғын тәбийғый газдиң есабын дурыс алып барыў, газ есаплаў үскенелерине сырттан ҳәр қандай тәсирлердиң ҳәм нызамсыз пайдаланыўдың алдын алыў болып есапланады. Сондай-ақ, пайдаланылған тәбийғый газ ушын төлем мәдениятын арттырыў, дебиторлық қарыздарлықтың алдын алыў ҳәм алдыннан пул төлеў механизимин енгизиў, ең тийкарғысы, тәбийғый газден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеўден ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.