БҮГИНГИ МОЙНАҚ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР ЖОЛЫНДА
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм Арал бойы аймағында әмелге асырылған үлкен унамлы өзгерислерде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар үлкен әҳмийетке ийе.
Бул ҳүжжетлер халқымыздың турмысын абат етиў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў, экономикамызды раўажландырыў, халық дәраматларын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы басқа да бир қатар тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисиўде тийкар болмақта. Әлбетте, көпшилик билсе керек, Арал теңизиниң қурыўы Орайлық Азия регионы ушын да үлкен экологиялық машқалаларды келтирип шығарды. Бул машқалаға дүнья итибарын қаратыў, усы региондағы халыққа ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мақсетинде бүгинги Мойнақта бирқанша өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис сенатының Арал бойын раўажландырыў мәселелери комитети, Экология комитети, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм экологиялық ҳәрекети, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси Атқарыў комитети тәрепинен «Ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстан Республикасында, әсиресе, Мойнақ районында әмелге асырылған ҳәм ерисилген жетискенликлерди жарытыўда ғалаба хабар қуралларының орны» атамасында шөлкемлестирилген илажға жергиликли баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери мирәт етилди.
Әлбетте, жақын арада Қарақалпақстанның Мойнақ районына бардыңыз ба? Бурынғы Мойнақ пенен ҳәзирги ҳәм ертеңги Мойнақтың бүгинги көринисин көргенсиз бе?..
Соңғы жыллар ишинде районның орайы ҳәм Арал бойы аймағы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған дөретиўшилик, жаңаланыў ҳәм раўажланыўларды тек ғана аўызеки тилде емес, ал, өз көзлери менен көрип, кең жәмийетшиликке жеткериўди мақсет еткен бир топар журналистлер ҳәм блогерлер ерте таңнан алыс жолға атланды.
Айтып өтиўимиз керек, Президентимиздиң бул жерге келген бирнеше сапарларынан кейин районда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар және де жанланып, Мойнақ және де абаданласып, халықтың пәраўан турмыс кешириўине ерисилмекте.
Журналистлердиң дәслепки жол алған мәнзили Мойнақ районына жақын жайласқан Ҳәким ата — Сулайман Бақырғаний зыярат комплекси болды. Исленип атырған абаданластырыў ҳәм қурылыс жумыслары менен бирге медиа-тур қатнасыўшылары бул инсан, оның өлмес мийраслары ҳәм дүрданалары ҳаққында толық мағлыўматлар алыўға еристи. Аймақтағы руўхый-ағартыўшылық бағдардағы дөретиўшилик жумыслар менен танысқанымызда уллы данышпан, аты әпсанаға айланған Ҳәким ата — Сулайман Бақырғаний естелигин мәңгилестириў бойынша тоқтап өтетуғын болсақ, Мойнақтағы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында ХI әсирде Түркистан үлкесинде жасап өткен уллы уламалардың бири Хожа Ахмед Яссаўийдиң шәкирти, кейинги улама сыпатында тән алынған ҳәм даңқы шыққан данышпан бабамыз ҳәм уллы жерлесимиз болып есапланады.
— Кәмилликке ерискеннен кейин ақ түйеге минип, Қарақалпақстан территориясының, яғный, ҳәзирги Қоңырат ҳәм Мойнақ районы аймақларында суфизм тәлийматын таратыўда үлкен үлес қосқан, тапқырлығы, алықлығы себепли Ҳәзирети Яссаўий тәрепинен «ҳәким» (данышпан) лақабына ылайық болған. Уллы бабамыз Ҳәким ата-Сулайман Бақырғанийдиң бизге «Сабыт ҳикаяты», «Меражнама», «Ақырзаман муҳәммасы», «Бийби Марьям» шығармалары болып, онда ийман-инсап, мийрим-шәпәәт ҳәм адамгершиликтиң жоқары пазыйлетлери сөз етилип, бизиң бүгинги күнимизде де өз әҳмийетин жойтпай келмекте. Мәмлекетимиз Президенти Ш.Мирзиёев 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға сапары ўақтында мәденият тараўына тийисли айырым усынысларын билдирип, Мойнақ районы аймағында Хожа Ахмед Яссаўийдиң шәкирти, суфизм тәлийматының белгили ўәкили Сулайман Бақырғанийдиң мақбарасы жайласқан болып, 2022-жыл бул бабамыздың 900 жыллығына бағышланған халықаралық конференцияны шөлкемлестириў, оның мақбарасын абат етиў ҳәм шығармаларын баспадан шығарыў бойынша ўазыйпа белгиленген еди. Мине, усы ўазыйпаларды әмелге асырыўда, яғный, миллий мийрасларымызды келешек әўладларымызға жеткериўде аянбай хызмет етемиз, - дейди «Қалдирғоч-Мавлюда ХК» туристлик компаниясы директоры Мавлюда Ембергенова.
Туўры, бул зыярат комплексинде болғанымызда, зыярат дәстүрине бола ишкерилеп, марҳумлардың ҳүрметине тилаўат етилди. Соның менен бирге, усы күнниң өзинде бул зыярат орнында қоңсылас мәмлекетлерден келген мийманларды да ушыраттық.
— Буннан бес жыл бурын келип едик. Сонда мына имаратлардың қурылысы басланып атыр еди. Енди әжайып бир зыярат комплекси бой тиклепти. Буннан 10-20 жыл алдын Қазақстанға көшип кеткен едик. Енди 3-5 жылдан бир келип, зыяратлап турамыз, - дейди қазақстанлы Ажар Қолаева.
Медиа-тур қатнасыўшыларының нәўбеттеги мәнзили Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы халықаралық Арал бойы инновация орайының жойбары тийкарында райондағы «Тикөзек» аўылында нәл жетистириўге мөлшерленген бул «Аралдағы бағ» да бүгинги күни әмелге асырылып атырған жумыслар журналистлер итибарында болды. Жойбар шеңберинде қум ҳәм шор жерлерге ийкемлескен терек нәллерин жетистириў, бунда сырт ел тәжирийбеси тийкарында сынаўдан өткерилетуғын усыллар, әсиресе, Израиль тәжирийбесинде егилген нәллер көпшиликте қызығыўшылық оятты.
— Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Халықаралық Арал бойы инновация орайы Президентимиздиң басламасы ҳәм қарарына муўапық, 2018-жылы 16-октябрьде өз жумысын баслады. Мине, бүгинги күнге келип орайымызда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып, бағ жаратылды. Бул жерге елиў алтыға жақын өсимлик түрлери алып келинип, пута, ярым путалар, кустарник, ең тийкарғысы, бадам ҳәм ғоза мийўеси алып келинип, егиўге ерисилди. Себеби, Мойнақ районында бағ пайда етиў, ықлымына азғана болса да унамлы тәсир ететуғынын көрсете алыў, және де айта кететуғын нәрсе, Аралдың қурыған ултанында ҳәм Арал бойы регионында экосистеманы жақсылаў, жасыл қапламаны пайда етиў — баслы мақсетлеримиздиң биринен есапланады. Мине, сол себепли де, ҳәзирги күнде 20 гектар майданда тәжирийбе-сынаў участкалары алып барылмақта. Атап өтетуғын болсақ, туўрыдан-туўры Қытай Халық Республикасы, Бирлескен Араб Әмирликлери, Германия мәмлекети менен биргеликте тығыз бирге ислесиў алып барылмақта. Және бир қуўанышлы хошхабар, Европа Аўқамы менен биргеликте тәжирийбелер әмелге асырылмақта. Грант жойбары тийкарында бул жерде 27 мың түп нәл жетистиретуғын участкамыз болып, өткен бәҳәр айында 9 мың түбин егип болған болсақ, қалғанын ноябрь айына дейин егип, усы жерде үлкен бағ жаратыў баслы мақсетлеримиздиң бири, - дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Халықаралық Арал бойы инновация орайы директоры ўазыйпасын атқарыўшы Камалатдин Идирисов биз бенен болған сәўбетинде.
Ҳақыйқатында да, соңғы жылларда Мойнақ районы халқының турмысы Журтбасшымыздың турақлы итибарында болды. Аймақты раўажландырыў бойынша қарарлар қабыл етилип, Президентимиз буннан алдын бирнеше мәрте сапарда болды. Ҳәр бир сапар жуўмақлары менен мойнақшылардың турмысында үлкен унамлы өзгерислер жүз берип, аймақ бүгинги күнге келип өзгеше көриниске айланды. Нәтийжеде халықтың турмыс тәризи де түп-тийкарынан жақсыланбақта. Мине, бүгин мойнақшылар усы реформаларға үнлес руўх пенен жасамақта.
Медиа-тур қатнасыўшыларының ендиги мәнзили «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ақ кеме» балалар саламатландырыў орайы болды. 12 гектар майданды ийелеген бул саламатландырыў орайында Арал бойы балалары кеўилли дем алады ҳәм саламатлылығы беккемленеди. Бул жерде балалар ушын барлық шараятлардың жаратылыўын өз көзимиз бенен көрип, қайыл қалдық. Орай әтирапының 5 гектарына егилген түрли мийўе нәллери ҳәм декоратив тереклер жерге терең тамыр урып, әтирап-аймақты қулпыртқан шырайлы гүллер кейпиятыңды көтереди.
Мойнақтағы және бир қуўанышлы жағдай, усы жылдың 12-сентябринен баслап Өзбекстан «Uzbekistan Airways» компаниясы ўәкиллери Мойнақ районы ҳәм Нөкис қаласының халқы ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде «Нөкис-Мойнақ-Нөкис» жөнелисиндеги биринши авиарейстиң жолға қойылыўы мойнақлыларды шексиз қуўанышқа бөлемекте. Авиарейстиң биринши пәрўазында Нөкистен Мойнаққа 22, ал, Мойнақтан Нөкиске 35 жолаўшы өз мәнзиллерине жеткерилген. Аэропортта 50 жолаўшыға мөлшерленген жаңа терминал қурылған. Ушыў-қоныў жолы ҳәм майданшалар оңланған, комплекс әтирапы көклемзарластырылғанлығы бүгин нағыз жаңаланған аэропортқа айланғанлығынан дерек берди. Буннан тысқары, аэропортта жолаўшылар ушын барлық шараятлардың жаратылыўы, солар қатарында сәўбетлесиў ханасы, жеке тексериў, дизимнен өтиў, ушып кетиў залы ҳәм басқа да бир қатар ханалардың жолаўшылар хызметинде екенлигиниң гүўасы болдық.
Кейинги мәнзилимиз — соңғы жыллары пайдаланыўға тапсырылған Мәденият сарайы, Жаслар орайы, «Future MUYNAK» — мәлимлеме технологияларына үйретиў орайы ҳәм «Book cafe». Бул жерде бизди қызықтырған нәрсе, китаплар орталығы, нағызлар китаплар әлемине кирип қалғандай болдық. Әжайып дизайнда жайластырылған китапханадағы Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы информациялық технологиялар университети, халық электрон китапханасы информациялық ресурслар орайының китапқумарлар хызметинде болыўы ол жердеги заманагөй қурылмалардың орнатылыўы мойнақлы жаслардың мәлимлеме технологиялары тараўында жаңа билим көнликпелерин ийелеўге болған қызығыўшылығын және де арттырыўына унамлы тийкар жарата алады.
Ендиги мәнзил болса — ашық аспан астындағы «Кемелер қәбирстаны» жанындағы Арал теңизи тарийхы музейи ҳәм жақында иске түсирилиўи режелестирилген «MUYNAK LDSP» өндирис кәрханасы. Мағлыўматларға қарағанда, көллерде тәбийғый ҳалда өсетуғын қамыстан санаат усылында қурылыс материалларын ислеп шығарыў жолға қойылады. Бүгинги күни шийки зат резерви ғамлап қойылған. Кәрхана иске түссе, 1000 адамнан аслам мәўсимлик, 150 турақлы жумыс орынлары жаратылады.
— Бул кәрхананың тийкарғы өзеги 2019-жылдан баслап жойбарластырыў ислери әмелге асырылған болып, тийкарынан бул жерде Қытай инвесторлары, компаниялар тәрепинен биргеликте шәртнама тийкарында бул жойбар әмелге асырылмақта. 50 гектар жер майданы ажыратылып, тийкарғы шийки зат — қурғақ қамыстан таяр өнимлерди ислеп шығарыўға қәнигелестирилген болып, қоңсылас Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркменстанға жаңа шыққан өнимлеримизди экспортқа жибериў режелестирилген. Соның менен бирге, тийкарғы бөлеги өзимиздиң ишки базарларымызды да тәмийинлеў жойбарға киргизилген. Кәрханамыз жақын күнлерде толық иске түсирилиўи режелестирилип, бүгинги күни жуўмақлаўшы басқышы — тексериў жумыслары көзден өткерилмекте. Айтыўымыз керек, кәрхана иске түссе Мойнақ халқы ушын жаратылған санаат зонасы болып, халықтың жумыссыз қатламының бәнтлигин, ең тийкарғысы, шаңарағына турақлы дәрамат алып келиўин тәмийинлейди, - дейди усы кәрхананың инженер-технологы Алишер Сайыпназаров.
Әлбетте, бүгинги Мойнақта өзгерислер көп. Биреўге айтып берсем исенбесе керек, мениңше! Жасырарлығы жоқ, ҳақыйқаттан да бүгин Мойнақта өзгеше турмыс ҳүким сүрмекте. Буны биз күн бойы ҳәр бир барған орынларымызда, жаслар арасында болып өткен сөйлесиўлерде, олар билдирген пикирлерден сезиў қыйын емес, әлбетте. Солай етип, Мойнақ тәсирлеринен илҳам-йош, жоқары кейпият сезимлерин өзинде жәмлеген бир топар журналистлер бүгинги жаңаланыў жолындағы Мойнақты халыққа жеткериўге, оны баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында жарытыўға асықпақта. Булардың барлығы Арал бойы аймағындағы тәбияттың қайта жанланып, адамлары жаңаша өмир, жаңаша турмыс кеширип атырғанынан дерек берер еди.
Гүлайым САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Мойнақтың бүгинги турмысынан көринислер.