Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:39:06, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РАЙОН ҲӘКИМИ «ЕҢ КИТАПҚУМАР МЕКТЕП»КЕ САЎҒА ТАПСЫРДЫ

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеби «Тазажол» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы ең шетки Бозатаў аўылында жайласқан болып, бүгинги  күни мектепте 86 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта.

Мектепте оқыўшыларға тәжирийбели муғаллимлер тәрепинен заман талабына сай тәлим-тәрбия берилиўиниң нәтийжесинде соңғы жыллары район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтқанда, усы жылы «Ең китапқумар мектеп» таңлаўында мектеп оқыўшылары район ҳәм республика көлеминде жеңимпаз болып, Ташкент қаласында болып өткен жуўмақлаўшы басқышқа мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

Жақында, район ҳәкими Айбек Тажетдинов ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Эльмира Мамбеткаримова усы мектепте болып, мектептиң педагогикалық жәмәәти ҳәм оқыўшылары менен ушырасты ҳәм оларды қолға киргизген табысы менен қутлықлады.

Ушырасыўда район ҳәкими тәрепинен мектепке заманагөй ноут­бук, видеопроектор, ҳәр қыйлы атамадағы әдебий китаплар ҳәм спорт инвентарьлары саўға етилди.

— Мектебимиз оқыўшыларының билим-илим ийелеўге болған ықласы жоқары,-дейди бизге мектеп директоры Амангелди Ҳабийбуллаев. — Оларды келешекте билимли, ақыллы ҳәм ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаў ушын муғаллимлеримиз тәрепинен мәмлекетлик билимлендириў талапларына сай тәлим-тәрбия берилмекте. Район ҳәкими Айбек Тажетдинов ҳәм тараў басшылары тәрепинен оқыўшыларымыздың қолға киргизген табыслары мүнәсип түрде баҳаланып келинбекте.

Атап айтқанда, китапқумарлық таңлаўында жеңимпаз болған оқыўшыларымыз жақында район ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде бийпул Ташкент қаласындағы тарийхый орынларға саяхат етип қайт­ты. Ал, бүгин болса, сабақ барысы ушын оғада зәрүр болған заманагөй видеопроектор, әдебий китаплар ҳәм спорт инвентарьлары менен сыйлықланды. Буның ушын район ҳәкими ҳәм тараў басшыларына мектеп жәмәәти атынан шексиз миннетдаршылық билдиремен. Алдағы ўақытлары олардың бул исенимин толық ақлап, оқыўшыларды билимли ҳәм тәрбиялы инсанлар етип шығарыў ушын аянбай хызмет ете беремиз.

Ҳақыйқатында да аўыл балаларына көрсетилип атырған бундай ғамқорлық ўақты келип өз жемисин беретуғынлығына исенип қаламыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF