Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:56:22, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘМИЙЕТЛИК ТОПАРДЫҢ ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Быйылғы жылдың 28-январь күни «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылдың 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик емес коммер­циялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, экспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат 21 ағза қурамындағы Раўажланыў страте­гиясын қоллап-қуўатлаўшы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топары дүзилди.

Жақында Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топардың «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» мәмлекетлик бағдарламасының 1-сентябрь жағдайына орынланыўы бойынша жәмийетшилик тәрепинен додалаў болып өтти.

Оған «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң қәнигелери, Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топарының ағзалары, депутатлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, Раўажланыў страте­гиясын қоллап-қуўатлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топарының баслығы Т.Романов топар тәрепинен өткен дәўирде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабат берди.

 Атап өтилгениндей, Президент пәрманындағы талапларды орынлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 9-февральдағы қарары менен «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырылыўы белгиленген 5 бағдар, 40 мақсет ҳәм 107 бәнттен ибарат аймақлық бағдарлама қабыл етилди.

Аймақлық бағдарламаның орынланыўы бойынша 1-сентябрьге шекем 67 бәнт бойынша 79 ўазыйпаның әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен усыныс етилген ҳәм ашық дереклер арқалы жәрияланған хабарлар ҳәм мағлыўматлар талланды.

Аймақлық бағдарламада белгиленген 60 ўазыйпаның орынланыўы тәмийинленген болып, 17 бәнт бойынша 19 ўазыйпаның орынланыў процесинде, яғный, ҳүжжетлердиң жойбарлары жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен ислеп шығылған ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди көрип шығыў ямаса қабыллаў ушын тийисли орынларға киргизилген.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-апрельдеги «2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасы аймақларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң 2022-жыл 13-апрель күнги қарары қабыл етилген. Усы қарарда аймақларда халық пенен өткерилген ушырасыўлар даўамында билдирилген усыныслар ҳәм халықты узақ жыллардан берли қыйнап киятырған, орын алған жедел сапластырыўға қаратылған ҳәм әмелий илажларды өз ишине алған «жол картасы» тастыйықланған.

 Усы картада белгиленген 24 ўазыйпаның орынланыўы тәми­йинленип, 6 ўазыйпаның орынланыўы бойынша бүгинги күнде жумыслар даўам етпекте. Соның менен бирге, жол картаның үш бәнти мүддетинен алдын орынланған.

 Мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Раўажланыў страте­гиясын қоллап--қуўатлаўшы жәмийетлик топар ағзаларының қатнасыўында Өзбекстан Республикасы «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамы тийкарында апрель-август айларында үш мәрте жәмийетликтиң мониторинги ҳәм еки мәрте жәмийетлик тыңлаўлар өткерилди. Жәмийетлик топары ағзалары тәрепинен өткерилген үйрениўлердиң нәтийжелери, пикир-усыныслар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине ҳәм тийисли мәмлекетлик мәкемелерге усыныс етилип барылды.

 Жәмийетлик топардың қурамы ҳәр бир бағдарда реформалардың орынланыўы жағдайы бойынша усыныслар додаланып пикир алысыўлар болды. Соның менен бирге, жәмийетлик топардың жумысларын буннан былай да күшейтиў бойынша алдағы ўақытларда әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәжилисте «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң баслығы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Бекмуродов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қатнасыўшылар алдағы ўазыйпалар бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызық­тырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF