Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:32:25, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ АРЗЫЎ-НИЙЕТ ҲӘМ МИЙНЕТЛЕРИНИҢ ЖЕМИСИ

Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилген «Үмит нәлшелери — 2022» спорт ойынларына Қараөзек районынан спорттың 11 түри бо­йынша 100ден аслам спортшы жаслар қатнасып, олар улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеген ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғасы «Дамас» автомашинасы менен сыйлықлан­ған еди.

Қараөзекли оқыўшы жаслардың бул қуўанышларын бирге бөлисиў мақсетинде, бизлер ра­йонлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм оған қараслы 8-16-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болдық.

— Районымызда оқыўшылардың заман талабына сай оқып билим алыўы ҳәм спорт пенен шуғылланыўлары ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылған,-дейди бизге Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Аяпберген Қалилаев. — Усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған оқыўшыларымыз Қарақалпақстан, Өзбекстан, Азия ҳәм көлеминде өткерилип киятырған жарысларға белсене қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте. Әсиресе, республикалық көлемде мектеп оқыўшылары арасында өткерилген «Үмит нәлшелери — 2022» спорт жарысында  районымыз оқыўшыларының сыйлы биринши орынды ийелеп, Президент саўғасы «Дамас» автомашинасы ҳәм басқа да қымбат баҳалы саў­ғаларды қолға киргизиўи, пүткил районымыз халқын шексиз қуўанышқа бөледи.

Соның ишинде районымыз оқыўшылары спорттың волейбол, футбол ҳәм спорт гимнастикасы түринен биринши, миллий гүрес ҳәм шахматтан екинши, гандбол ҳәм көркем гимнас­тикадан үшинши орынларды ийелеўге миясар болды. Әлбетте, оқыўшыларымыздың бул жетискенликлери өз-өзинен болған жоқ. Бунда районымызда оқыўшыларымыздың өзлери қызыққан спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын жаратыл­ған шараят, оларға тәлим-тәрбия берген муғаллим устазлардың мийнетлери айрықша болды. Әсиресе, район ҳәкими Узақберген Утамбетовтың балаларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўы ҳәм хошаметлеўи оқыўшыларымызға үлкен күш-жигер бағышлайды. Алдағы ўақытлары оқыўшыларымыз усы пәтти жаздырмастан ҳәр қыйлы спорт жарысларында жеңимпаз болатуғынлығына беккем исенемен.

Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектеби район орайынан әдеўир алыста жайласқан.

Бүгинги күни мектепте 364 оқыўшы тәлим алмақта. Мектепте оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын 15 пән дөгереги ҳәм 4 спорт секциялары турақлы жумыс алып барып, оларға қызығыўшылықларына қарай оқыўшылар тартыл­ған.

— Әсиресе, спорттың гүрес түри менен шуғылланыўшы оқыўшыларымыз район ҳәм республика көлеминде өткерилип киятыр­ған жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте,-дейди мектеп директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Амангелди Азизов. — Соның ишинде бес оқыўшымыз «Үмит нәлшелери — 2022» жарысларында республикада 1-2-3-орынларды ийелеп, ноутбук, телевизор ҳәм велосипедлер менен сыйлықланды. Бул әлбетте, оқыўшыларымызға қосымша мотивация болды.

Мәденият аўыл пуқаралар жы­йыны орайында жайласқан 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де оқыўшылардың ҳәр тәреплеме билимли ҳәм саламат инсанлар болып жетилисиўине айрықша итибар қаратылған. Келешегимиз болған жас әўладтың тәлим-тәрбиясына қаратылған итибардың нәтийжесинде, мектеп оқыўшылары пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларына белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

— Спорттың волейбол түри менен 4 жылдан бери турақлы шуғылланып келмектемен,-дейди бизге усы мектептиң 9-класс оқыўшысы Байрамбай Орынбаев. — Усы жыллар ишинде бизлер мектебимиз командасы менен ра­йон ҳәм республика көлеминде өткерилип киятырған жарысларға қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизип киятырмыз. Әсиресе, «Үмит нәлшелери — 2022» спорт жарысында 1-орынды ийелеп, ноутбук пенен сыйлықланыўым мени, устазларымды ҳәм ата-анамды үлкен қуўанышқа бөледи. Келешекте мен волейбол менен шуғылланыўымды еле де даўам етип, Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында жеңимпазлықты қолға киргизип, елимиз байрағын бәлентлерде желбиретсем деймен.

Әлбетте, арзыў-нийетлер инсанды алға умтылдырады. Ал, хошамет болса, жаңадан-жаңа шыңларға қарай баслайды.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF