Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:34:26, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢАЛАНЫЎЛАРҒА БЕТ БУРҒАН «АЛТЫН ЖАҒЫС»

Нөкис қаласында жайласқан «Алтын жағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы пайтахтымыздағы ең жас мәҳәллелердиң бири болып, бул аймаққа халық тийкарынан  2016-2017-жыллары қонысланған.

Бүгинги күни жыйын аймағындағы 1051 хожалықта 4200 ден аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Елатта 1 улыўма орта билим бериў мектеби, 1 мәмлекетлик, 4 мәмлекетлик емес жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жайласқан.

Бирақ, аймақта халық санының жылдан-жылға өсип барыўы нәтийжесинде соңғы ўақытлары социаллық тараўда бир қатар машқалалар пайда болғаны бүгинги күни ҳеш кимге сыр емес.

Әсиресе, жыйын аймағындағы көшелердеги насазлықлар, жақтыландырыў үскенелериниң жоқлығы, ишимлик суў ҳәм мектеп мәселесиндеги машқалалар халықты әдеўир қыйын жағдайға салып қойған еди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң республикамызға болған сапары даўамында берилген көрсетпеси тийкарында, бул аймақ социаллық жағдайы аўыр аймаққа киргизилип, жыйын аймағының турмысын жақсылаў ҳәм олардың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы басшылығында жумысшы топар дүзилип, ҳәзирги күнлери бул топар ағзалары тәрепинен көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем аймақта жайласқан 34 көшениң 18ине шағыл тас төселип, тегисленген болса, ишимлик суў маш­қаласы бар болған «Төрели», «Саҳра бүлбили», «Көкдәрья» ҳәм «Қорғантөбе» көшелерине ишимлик суў тармақлары тартылды.

«Ҳаял-қызлар» дәптеринде дизимде турған 48 имканияты шекленген ҳәм бағыўшысы жоқ ҳаял-қызларға 1 млн. 200 мың сумнан бир мәртелик материаллық жәрдемлер көрсетилди.

11 ҳаял-қызға болса, өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеўи ушын коммерциялық банклерден жеңиллетилген кредитлер алыў бойынша усыныслар берилди.

Мәкан пуқаралар жыйыны кеңсесин жаңадан салыў бойынша қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

— Мектебимизде оқыўшылар 4 мезгилде оқып билим алар еди,-дейди бизге 51-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Ҳүрлиман Ембергенова. — Минис­трлер Кеңеси Баслығының басшылығындағы жумысшы топар мектебимиздеги аўыр жағдайды үйренип шығып, бизлерге  460 оқыўшыға мөлшерленген қосымша имарат, мәжилислер залы, китапхана  салып бериў бойынша усынысларымызды мақуллады. Алдағы ўақытлары мектебимизге жаңадан қосымша имарат салып берилсе, оқыўшыларға билим бериў сапасы да артатуғынлығына беккем исенемен.

— Сондай-ақ, аймағымызда шаңарақлық поликлиника жоқлығы себепли, пуқараларымыз медициналық хызмет көрсетиўдеги қыйыншылықлар туўралы да жийи-жийи мүрәжат етер еди,-дейди бизге аймақтағы ҳаял-қызлар белсендиси Сапаргүл Жуманазарова. — Әсиресе, жаңа туўылған бөбеклер, балалар ҳәм жасыүлкен қариялардың поликлиникаға барыўы оғада мүшкил еди. Енди жыйын аймағынан шаңарақлық поликлиника имараты да қурылатуғын болды. Бул болса, хал­қымыздың саў-саламат турмыс кешириўи ушын Президентимиз тәрепинен аймақ турғынларына  көрсетилип атырған аталарша ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады...

Әлбетте, бүгин «Алтын жағыс» елаты аймағы күннен-күнге абадан түске енип, онда ири көлемдеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылып атыр­ғанлығының гүўасы боламыз. Бул исленип атырған дөретиўшилик жумыслар болса, аймақ халқының ертеңги күнге деген исенимин беккемлейди.

 

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF