Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:08:06, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РЕСПУБЛИКА БАСШЫСЫ МОЙНАҚ РАЙОНЫНДА БОЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Мойнаққа болған сапарда Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан шарўашылық комплекси жумыслары менен жақыннан танысты.

Дәслеп шарўашылық комплексине тийисли бол­ған егислик майданларында жетистирилип атырған мәкке далалары көзден өткерилди. Бүгинги күнде шарўашылық комплекси далаларында силос таярлаў ушын зәрүрли болған жергиликли мәкке сорты менен бирге тийкарынан дәнинде жоқары өнимдарлыққа ийе Түркиядан алып келинген жаңа сорт та егилип атыр. Тийисли тараў ўәкиллери менен бирге аўыл хожалығы майданлары көзден өткерилип, республиканың барлық аймақларынан жыйналған шарўашылық тараўы хызметкерлери қатнасыўында комплекс­тиң силос таярлаў орнында жуғымлы от-жем қорын таярлаў жумыслары көрип шығылды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық тараўы қәнигелери менен ушырасыўында республиканың ең шетки ҳәм суў жетип барыўы қыйын бол­ған аймағында жолға қо­йылған шарўашылық комплекси жумыслары ҳәр бир район шарўалары ушын үлги болыўы кереклиги ҳәм бул жерде пайдаланылып атырған тәжирийбелерди басқа орынларда да ен жайдырыў кереклигин атап өтти.

Сапар даўамында Мойнақ ЛДСП ислеп шығарыў кәрханасы жумыслары көзден өткерилип, кәрхананы иске түсириўде ушырасып атырған маш­қалалар үйренилди ҳәм бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Буннан соң район ора­йында жайласқан «Мойнақ текс» ЖШЖ тигиў-трикотаж фабрикасы көзден өткерилди.

Айтып өтиў орынлы, фабрика бүгинги күнде қайта иске түсирилиўи белгиленген болып, 200 жаңа жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген. Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районы ҳәкимине бул фабрика жумысын жолға қойыўда 300 жаңа жумыс орнын жаратыў бойынша тапсырма берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районының белсендилери, сондай-ақ, барлық министрлик, шөлкем ҳәм районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Мәжилистиң тийкарғы мақсети де халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў болып, онда халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым кемшиликлер ҳаққында сөз етилди. Өткерилген мәжилисте районда бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлердиң мәнзилсиз жумсалғанлығы, қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумысларында ушырасып атырған кемшиликлер атап өтилип, бул бағдарда Мойнақ районы ҳәкими, сондай-ақ, сектор басшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери немқурайдылық пенен қарап атыр­ғанлығы сынға алынды.

Буннан тысқары, бюджет қаржыларының жумсалыўында қосып жазыўлар, пулларды өзлестирип жибериў жағдайлары, Инвестиция, «Абат аўыл» бағдарламалары ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар тийкарында әмелге асырылыўы керек болған қурылыс-оңлаў жумысларында артта қалыўшылық жағдайлары бар екенлигине айрықша тоқталды.

Мәжилис жуўмағында быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеў мақсетинде жәми 7,8 млрд. сумлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF