Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:24:55, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫҢ БАСЛАМАЛАРЫ ТУРАҚЛЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНАДЫ

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың билимлендириў, спорт, мәденият, көркем өнер ҳәм басқа да тараўларда жетискенликлерге ерисип атырған белсенди жаслар менен ушырасты.

Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында соңғы жыллары жас әўладтың билимли ҳәм ҳәр тәреплеме саламат инсанлар болып жетилисиўине қаратылып атырған итибар, алып барылып атырған мәмлекетлик сия­сат, жаслардың заманагөй  билим алып, кәсип өнер ийелеўине жаратылып атырған кең имканиятлар менен мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде айтып берди. Соның менен бирге, бул бағдардағы әмелий жумысларға тоқтап өтти.

— Елимизде жаслардың социаллық-экономикалық машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған «Нөкис қаласы тәжирийбеси» жаратылды. Биринши гезекте, Нөкис қаласындағы 64 мәҳәлледе үйме-үй хатлаў жумыслары әмелге асырылып, 14-30 жас аралығындағы 74 мың 683 жастың дизими қәлиплестирилип, соннан, маш­қалалары бар болған, жәми 4 мың 839 жас «Жаслар дәптери» электрон платформасына киргизилди ҳәм 12 млрд. сум­ға жақын қаржы есабынан оларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер көрсетилди. Жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланған жасларымыз барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисип, бүгинги күни елимизди дүньяға танытпақта. Буған бир мысал ретинде, усы жылдың июль-август айларында Россия Федерациясының Владивосток қаласында өткерилген «Азия балалары» халықаралық спорт жарысларында 5 спортшымыз қатнасып, барлығы сыйлы орынларды ийелеўге еристи. Сондай-ақ, жақында ғана Түркия мәмлекетиниң Конья қаласында өткерилген «V Ислам тилеклеслиги ойынлары» спорт жарысларында 29 спортшымыз қатнасып, соннан 13 спортшы жасларымыз, жәми 19 медальды қолға киргизиўге миясар болды, -деп атап өтти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өз шығып сөйлеўинде.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрман ҳәм қарарлары, сондай-ақ, басламалары менен жасларға үлкен итибар қаратылып атыр. Атап айтқанда, быйыл­ғы жылда жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған 8 бағдар ҳәм 139 бәнттен ибарат «Жаслар бағдарламасы» тас­тыйықланып, усы бағдарлама тийкарында бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Жаслар бағдарламасы»на киргизилген илажларды әмелге асырыў ушын жәми 23,1 млрд. сумлық қаржы ажыратылып, соннан жаслар ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде 10 млрд. 801 млн. сумлық қаржылар есабынан бир қатар социаллық объектлер қурылып, олар зәрүрли әсбап-үскенелер ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленди. Соның менен бирге, жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жаслардың сапалы билим алыўын ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўи ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери есабынан 7,3 млрд. сумлық қаржы ажыратылды.

Өткерилген ушырасыўда бундай ийгиликли басламалар еле де даўам еттирилетуғынлығы айтып өтилди ҳәм өз қатарлары арасында жоқары жетискенликлерге ерискен  бир топар жаслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан сыйлықланды.

Атап айтатуғын болсақ, олардың арасында еркин гүрес бойынша Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзасы Ақтеңге Кеўнимжаева «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы» ҳүрметли атағы менен, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлери Наргиза Джуманиязова, Шахзада Ибрагимова, Нөкис Олимпия ҳәм пар­алимпия резервлери колледжи оқыўшысы Дилназа Мамбетназарова «Үмит ушқыны» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Буннан тысқары, Россия Федерация­сының Владивосток қаласында өткерилген «Азия балалары» халықаралық спорт жарыслары ҳәм Түркия мәмлекетиниң Конья қаласында өткерилген «V Ислам тилеклеслиги ойынлары» спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеген бир топар спортшылар ҳәм олардың тренерлерине миннетдаршылық билдирилип, ақшалай сыйлықлар менен хошаметленди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июнь күнги «Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында субсидия ажыратылған бир қатар жасларға компьютер ҳәм ноутбук топламлары тапсырылды.

Соны да айтып өтиў орынлы, жаслардың машқалаларын үйрениў, олардың социаллық-экономикалық мәселелерин «Жаслар дәптери» системасы арқалы шешиў бойынша «Нөкис қаласы тәжирийбеси»н басқышпа-басқыш барлық районларда енгизиў арқалы қосымша 6 мың жасқа әмелий жәрдемлер көрсетилиўи белгиленип, Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев буның ушын Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 5 млрд. сум қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.

Мәжилисте жаслардың машқалаларына шешим табыў, олардың басламаларын турақлы қоллап-қуўатлаў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF