ФЕРМЕР КЕМ ТӘМИЙИНЛЕНГЕН ШАҢАРАҚЛАРҒА БИЙДАЙ ТАРҚАТТЫ
Қайырқомлық ҳәм сақаўат инсанды улығлап, ҳәр еки дүньяда да саўапқа ийе болыўы ҳаққында көплеген ҳәдислер, мақалалар ҳәм рәўиятлар бар. Ислам дининде мөминниң ең уллы пазыйлетлеринен бири қайырқомлық ҳәм сақаўат екени көрсетиледи.
Халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың дизимин қәлиплестириў, оларға ҳәр тәреплеме, мәнзилли жәрдем көрсетиў мақсетинде ири социаллық бағдарламалар — «Темир дәптер», «Хаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» системалары жаратылды. Өткен ўақыт даўамында тек ғана «Темир дәптер» арқалы мәҳәлле пуқаралар жыйыны ҳәм секторлар тәрепинен халықтың мүтәж қатламлары есапқа алынып, олардың социаллық-экономикалық жағдайы үйренилди. Соның менен бирге, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, олар менен мәнзилли ҳәм мақсетли жумыс алып барыўға байланыслы әҳмийетли қәдемлер қойылды.
Онда әмиўдәрьялы сақый исбилерменлер де өрнек алмақта. Усындай сақый исбилерменлерден бири Әмиўдәрья районының Дүрмен аўылында фермер хожалығын шөлкемлестирип, жерден мол өним ҳәм дәрамат алып атырған Улығбек Оразбаев районлық Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлимине баслама менен мүрәжат етти. Фермер хожалығы атызларында жетистирилген бийдайдың бир бөлеги — 10 тоннасы мүтәж шаңарақларға тарқатылды.
Усы жылы 24-сентябрь күни районның барлық аўыл ҳәм мәҳәллелеринде жасайтуғын мүтәж шаңарақ дәптерлерине киргизилген 200 шаңарақтың ўәкиллери районлық Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлимине мирәт етилди. Олардың ҳәр бирине фермердиң есабынан бир қалта — 50 килограммнан бийдай тарқатылды.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы