Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:56:50, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТЛАР АРТЫНДА ИНСАН ТӘҒДИРИ БАР

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм шөлкемлер тәрепинен республика халқынан келип түсип атырған мүрәжатлар менен ислесиўге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Онда бүгинги күнде минис­трлик, жергиликли ҳәкимлик, мәкеме-шөлкемлер ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларына пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлар, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, сондай-ақ, бул бағдарда пуқаралардың мүрәжатларына жуўапкерсизлик пенен қатнас жасап киятыр­ған айырым тараўлардың жумыслары сын көзқарастан талқыланды.

Быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан жәми 45 мың 280 мәселеде мүрәжатлар келип түскен ҳәм бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5 процентке өскенлигин көрсетеди. Мәжилисте айырым аймақлар кесиминде мүрәжатлардың кемейгени менен бир қатарда пуқаралардың машқалаларына өз ўақтында шешим табыўда кемшиликлерге жол қойып атырған районларда мүрәжатлардың көбейгенлиги, сондай-ақ, тараўлар кесиминде социаллық жәрдем, жол қурылысы, газ ҳәм электр тәмийнаты бойынша да мүрәжатлар санының артқанлығына айрықша тоқтап өтти.

Мәжилис барысында Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев халықтың мүрәжатларына шешим табыўдағы көрсеткишлер төмен екенлиги, көпшилик жағдайларда келип түскен мүрәжатларға тек ғана ҳуқықый түсиник бериў менен шекленип атырғанлығы, ал, ҳақыйқый машқалалар болса, өз шешимин таппай пуқаралар қайта мүрәжат етиўге мәжбүр болып атырғанлығы қатаң сынға алынды ҳәм жумысларды белгиленген нызам тийкарында талапқа сай дурыс шөлкемлестириў кереклиги бойынша  барлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларына анық ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF