Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:58:45, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕРИМШИЛЕР ШАРАЯТТАН УТЫМЛЫ ПАЙДАЛАНБАҚТА

Ҳәзирги күнлери республикамыздың пахташылық хожалықларында жыйын-терим жумыслары шөлкемлескенлик пенен баслап жиберилди.

Әсиресе, бул жумыслар Қараөзек районындағы Нариман Қәўендеров басшылық ететуғын «Агроном энтомолог» фермер хожалығында қызғын алып барылмақта.

— Апрель айында 10 гектар жерге пахтаның «С-47-27» сортын еккен едик,-дейди бизге фермер Нариман Қәўендеров. — Жазы бойы агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын алып барыўымыз нәтийжесинде атызларда дийдиленгендей зүрәәт жетистирдик. Усы жетистирилген өнимниң бир ханасын да сепситпей, қысқа мүддетлерде жыйнап терип алыў ушын, теримшилерге 1 кг пахта ушын 1500 сумнан пул төлеп атырмыз. Сондай-ақ, көмекшилердиң өнимли мийнет ислеўи ушын атыз басында  барлық қолайлы шараятлар жаратып қойылған.

Ҳақыйқатында да, фермердиң пахта атызларын аралар екенбиз, онда жәўлан урып мийнет етип атырған шәпик қоллы теримшилерге көзимиз түсти ҳәм оларға ҳармасын айттық.

— «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны орайында жасаўшы жумыссыз 70 ҳаял-қызды бир отрядқа жәмлеп, аймақтағы фермерлерге көмек берип атырмыз,-дейди отряд баслығы Роза Жумамуратова. — Алдынғы теримшилеримиз 120-150 килограммнан пахта терип атырған болса, қалғанлар 80-90 килограммнан терип, сол күнниң өзинде ақшаларын ҳеш бир иркинишсиз алып атыр. Атыз басында бизлер ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Соның нәтийжесинде қызларымыз теримге айрықша пәт ендирмекте.

Сондай-ақ, фермер хожалығы ағзалары пахта терими менен бирге 16 гектар жерге егилген гүзлик бийдай тәрбиясы жумысларын да талапқа сай алып бармақта.

— Быйыл 12 гектар жерге егилген бийдайдан 40 цент­нерден өним алып, ақ жүзли абырайлы болған едим,-дейди Нариман Қәўендеров. — Келеси жылы да бийдайдан буннан да мол зүрәәт алыўға ҳәрекет етемиз. Соның менен бирге пахта теримине де және де пәт ендирип, белгиленген режени артығы менен орынлаймыз. Буның ушын бизлерде барлық имканиятлар бар. Атызларымызда пахта зүрәәти мол...

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF