КЕМШИЛИКЛЕР СЫНҒА АЛЫНЫП, ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районын социаллық-экономикалық раўажландырыў барысы ҳәм аймақта алып барылып атырған кең көлемли дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы район аймағында алып барылып атырған қурылыс объектлериндеги жумыслар менен танысты. Соннан, «Марказобод» МПЖ аймағындағы 12-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде алып барылып атырған реконструкция жумыслары, Төрткүл районы орайы ишимлик суў тармақлары ҳәм административлик лаборатория-диспетчерлик пунктин реконструкциялаў, «Шорахан» АПЖ аймағындағы 44-санлы мектеп имаратының реконструкциялаў жумысларын көзден өткерди ҳәм қурылыс жумысларының белгиленген режеден артта қалып атырғанлығын қатаң сынға алып, бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине қадағалаўға алыў, зәрүр жағдайда нызамлы шара көриў бойынша анық тапсырмалар берди.
Буннан соң Төрткүл районының белсендилери, кәрхана ҳәм мәкеме басшылары сондай-ақ, барлық министрлик, шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.
Мәжилисте бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў, күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды системалы түрде шешиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтады. Бул бағдардағы жумыслар Төрткүл районында да буннан былайда даўам еттирилиўи кереклиги, сондай-ақ, аймақ халқын қыйнап киятырған машқалаларды шешиў жолында айырым басшылар тәрепинен немқурайдылық пенен қаралып атырғанын сынға алды.
Соның менен бирге, районда бюджет қаржыларының ҳәм ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилместен, мақсетсиз жумсалып атырған жағдайлары да ушырасып атырғанлығы, мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржыларда бир қанша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы атап өтилди.
Буннан тысқары, райондағы билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы тараўларындағы қурылыс жумысларында бюджет қаржылары талан-тараж етилгенлиги бойынша анық шараларды көриў бойынша тийисли тараўлар ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, Төрткүл районында пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлардың тек ғана 25 проценти унамлы шешилгенлиги, булардан көпшилиги коммунал хызмет, социаллық напақа сыяқлы тараўларды өз ишине алғанлығы атап өтилди.
Мәжилисте коммуналлық хызмет көрсетиў, жол қурылысы, транспорт ҳәм социаллық тараўларда ушырасып атырған машқалаларды өз ўақтында турақлы шешип барыў, халықтың разылығына ерисиў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.