ИЗРАИЛЬ МӘМЛЕКЕТИ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Израиль мәмлекетиниң Өзбекстан Республикасындағы елшиси Зеавит Бен Хилель ҳәм Израиль Сыртқы ислер министрлиги жанындағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў агентлиги (MASHAV) баслығы Эйнат Шлейнди қабыл етти.
Қабыллаўда Израиль мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери қарап шығылып, онда Израиль мәмлекетиниң алдынғы тәжирийбелери тийкарында жергиликли жаслар ҳәм қәнигелердиң билимин арттырыў, бирге ислесиў мақсетинде жаңа жойбарлар үстинде ислеў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары студентлери ушын семинар-тренинглер шөлкемлестириў бойынша сөз етилди.
Соның менен бирге, аймақтағы суў тамтарыслығы жағдайында суўды үнемлеўши технологияларды еледе ен жайдырыў, коллектор ҳәм ақаба суўларын қайта ислеў арқалы аўыл хожалығы егислик майданларында пайдаланыў, бул бағдарда Израиль тәжирийбелери тийкарында қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалынан еледе кеңнен пайдаланыў, бул бағдарда сафари тур ҳәм экотуризмди ен жайдырыў, сондай-ақ, аймақтағы қорықханалар, экзотикалық қумлы кеңликлердиң өзине тән тәбияты сыяқлы аймақ өзгешеликлерин көрсетиўди кеңнен жолға қойыў кереклиги айрыкша атап өтилип, мийманлар бул бағдарда бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирди.
Өз гезегинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мийманлардың республикамызға сапары менен қутлықлап, бирге ислесиўди жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.