Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:23:58, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ЖӘНЕ ДЕ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА КЕҢ ЖОЛ АШЫЛМАҚТА

Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын арттырыўда исбилерменлердиң орны айрықша. Сол себепли де, ҳәр жылы 20-август мәмлекетимизде «Исбилерменлер күни» деп белгилениўи оларды және де қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған итибардың жоқары көриниси бола алады.

Жақында Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң елимиз исбилерменлери менен ашық форматтағы ушырасыўындағы шығып сөйлеген сөзинде: «Бүгин усы минберден турып бир гәпти ашық айтпақшыманF мен сизлерди абадан турмысымыздың дөретиўшилери деп билемен ҳәм бул жолда сизлер менен бәрқулла биргемен» деп оларға қарата айтқан унамлы сөзлери исбилерменлеримизде үлкен күш-жигер пайда етип, олардың машақатлы мийнетлерин жоқары баҳалап, мақтаныш етти. Соның менен бирге, бул ушырасыў олардың исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы көпшилик мәселелерди додалап, олардың шешими бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Әлбетте, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында оларға жаратылып атырған бундай мүмкиншиликлер алдағы ўақытлары жақсы нәтийжелерди, яғный, исбилерменлик тараўының раўажланыўына тийкар бола алады. Бүгинги заман исбилермени дәўир менен тең қәдем таслаўы, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын үлкен исеним ҳәм пидайылық пенен мийнет етиўи әҳмийетке ийе болмақта. Биз билемиз, мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлери санының жылдан-жылға көбейип барыўы елимиз экономикасының жоқарылаўы менен халқымыздың абадан турмыста жақсы жасаўына өз пайдасын тийгизери анық.

Пайтахтымыздағы айырым исбилерменлердиң жумысларын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде жақында Өзбекстан Журналист­лер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Нөкис қаласындағы «NАNO KUАT» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине республикамыздағы баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди. 

Әлбетте, ҳәммеңиз билсеңиз керек, мәмлекетимизде халық санының артып барыўы менен шаңарақларда автотранспортларға болған талап та жоқарылап бармақта. Олардың көбейиўи себепли сервис хызметлерин көрсетиў мүтәжликлери де пайда болады. Сол себепли де, 2016-жылы Нөкис қаласынан бул объекттиң дәслепки қурылысына банктен 1 млрд. сум муғдарында қаржы ажыратылып, дәслеп машина жуўыў шақапшасы болып ашылып, жумыс баслаған бул «NАNO KUАT» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кейин ала халықтың талабынан келип шығып, гилем жуўыў шақапшасы болып ашылыўы да режелестирилип, хызмет көрсете баслайды. Жумыс көлеминиң кеңейиў бағдарына қарап исбилерменликти раўажландырыў ушын банктен қосымша және қаржы ажыратылады. 2016-жылы 2 млрд. сумлық жойбар менен басланып, 2018-жылы шақапшаның хызмет көрсетиў түрин кеңейттириў мақсетинде қосымша және де 3 млрд. сум қаржы жумсалады. Дәслепки ўақытлары 2016-жылы машина жуўыўы шақапшасында 12 адам, 2017-жылы болса 15, 2018-жылға келип 25 адам турақлы жумыс орнына ийе болды. Ал, жаз айларында жумыс көлеминиң көбейиўине байланыслы мәўсимлик жумысшылар саны 35-40 тан асламырақ болады.

Биз жәмийетте болғанымызда, бул жердеги жумысшылардың көпшилиги жаслардан ибарат екенлиги, соның менен бирге жумыс процесинде олардың ҳәр бири өз ўазыйпасын толық меңгергенлиги, тәжирийбе топлағанлығы өз-өзинен унамлы пикирлер пайда етти. Әлбетте, бүгинги күни қәлеген бир жасты алып қарамайық, ол қандай да бир жумыс пенен бәнт болса ҳәм сол жумысқа шынтлап кириссе оған қәнигелесип те кетеди екен.

— Мен бул жерде ашылғанлы берли ислеп атырман. Дәслепки ўақытлары бул жумысты қалай ислеймен, деген өзимде ой пайда болған еди. Бирақ, усы күнге дейин жумыс процесслерин толық меңгериўге еристим. Бул жерде буйыртпа қабылланып алынғаннан соң гилем таза ҳалына келемен дегенше бир қанша басқышлардан, яғный, арнаўлы үскенелер жәрдеминде өткерилип барылады. Бул жайылып турған гилемлер болса, иште жуўылып, 90 процентке кептирилип алып келинеди. Соңынан арнаўлы зәңгилерге үлкен гилемлер жайылады. Буннан соң арнаўлы бөлмеге алып барылып, таяр гилемлерди өз ийелерине таза ҳалында жеткерилиў хызметлери де атқарылады. Ис-ҳақыларымыз ҳәр l0 күннен өз ўақтында берип барылады. Жумысшыларға барлық шараятлар жаратыл­ған. Түсте ыссы аўқат берилип, арнаўлы кийимлер менен тәмийинленген, - дейди жумысшылардың бири Айбек Шерниязов.

Соның менен бирге, биз пресс-тур даўамында тәжирийбели исбилермен, «NАNO KUАT» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Қуўат Пиримбетов пенен алдағы режелери туўралы пикирлери менен қызық­сынғанымызда:

— Режелерим жүдә көп. Алдағы ўақытлары биз районларымыздан өз шақапшаларымызды ашып, көбейтип, жасларды жумыс пенен тәмийинлеўди баслы мақсет еткенбиз. Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде бундай имканиятлардың жаратылыўынан унамлы ҳәм дурыс пайдалана алыўымыз керек. Мен ойлайман, қәлеген жас бир кәсипти ийелеп, соны толық меңгере алса, әлбетте, жумысы жақсы, наны қалың болады. Елимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы буўыны мәмлекетимиз келешеги болған жасларға жаңа жумыс орынларын жаратып, халықтың абадан жасаўына үлес қосып, бул тараўды және де раўажландырыў, - дейди ол биз бенен сәўбетинде.

Биз де өз гезегинде оның алдағы мақсетлерине раўаж тилеп, бундай исбилерменлеримиз қатары көбейе бериў нийетинде болып изимизге қайт­тық.  

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: гилем жуўыўдағы жумыс процесинен көринис. 

Автордың түсирген сүўрети.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF