«ҚУМ АЎЫЛ» АБАДАНЛАСПАҚТА
Пайтахтымызда жайласқан «Қум аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына тийкарынан буннан 35-40 жыл бурын халық қонысланғаны менен жақын ўақытларға шекем аймақта жол, транспорт, ишимлик суў ҳәм электр энергиясында айырым машқалалар бар еди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жыл февраль айында аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында инсан қәдири принципи тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен ўазыйпалар белгиленген еди.
Сапар даўамында Президент Нөкис қаласындағы бир қатар пуқаралар жыйынларына барып, аймақлардағы қурылыс-абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Президентимиздиң басламасы менен қаламыздағы Шымбай гүзары МПЖ аймағында алып барылған нәтийжели жумыслар үлгисинде 7 ең аўыр мәҳәллелер («Қоскөл», «Қум аўыл», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Қутлы мәкан», «Телеорай», «Жеке терек» МПЖлар) таңлап алынып, ол жерлерде быйылғы жылы қурылыс-абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, водопровод ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы «Абат мәҳәлле»ге айландырыў мақсет етип алынып, усы тийкарда «Қум аўыл» аймағында да көплеген жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, жыйын аймағындағы 45 көшениң барлығының да жоллары тегисленип, 11 км 654 метр аралыққа шағыл тас араласпасы, 1450 метр жолға асфальт төселди. Сондай-ақ, халықтың электр энергияға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде, 38,5 км аралыққа заманагөй электр кабельлери тартылып, 4 орынға жаңа трансформаторлар қурылды ҳәм 395 бетон бағаналар орнатылды.
Ал, 7 км 367 метр аралыққа тартылған ишимлик суў тармақлары болса, аймақ халқын шексиз қуўанышқа бөледи. Себеби, суў тиришилик дереги болғанлықтан, бул мәселе турғынлар ушын шешилиўи тийис болған баслы мәселелердиң бири еди.
— Бизлер жасайтуғын көшеге шағыл тас төселип, жақтыландырыў шырақлары орнатылды,-дейди бизге «Жеңис» көшеси турғыны Отарбай Пахратдинов. — Бул әлбетте, қараңғы түнде де көшелеримизде пиядалар ҳәм транспортлардың қатнаўына оғада қолайлы болды. Ал, жөнелисли таксилер қатнайтуғын орайлық көшемиз болса, жаңадан асфальтланды. Буның ушын елимиз ҳәм қаламыз басшыларынан шексиз миннетдармыз.
— Аймақта халықтың социаллық жағдайын үйрениў мақсетинде, жыйын хызметкерлери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, онда 250 пуқараның жумыссыз екенлиги, 50 үйдиң төбесинде шифер жоқлығы анықланды,-дейди бизге жыйын баслығы Зәрипбай Утениязов. — Соның ишинде усы күнге шекем 55 пуқара турақлы жумысқа орналастырылып, 1 пуқара жыйын баслығы жәрдемшиси лаўазымына, 34 пуқара жәмийетлик жумысларға жумысқа алынды. Ал, 58 пуқараға 1 230 млн. сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды ҳәм 6 жеке тәртиптеги исбилермен, 2 жуўапкершилиги шекленген жәмийет, 1 шанарақлық кәрхана ашылды. 37 пуқара болса, өзин-өзи бәнт етти. 1 пуқараға субсидия берилди.
Усылар менен бир қатарда, аймақтағы кем тәмийинленген 6 хожалықтың үйлери шиферланып, 16 хожалыққа қаржылай жәрдем көрсетилди. Наўрыз байрамында 12 шаңарақ, Қурбан ҳайыт байрамында 60 шаңараққа азық-аўқатлық затлар жәрдем сыпатында тарқатылды. 16 пуқараға дәри-дәрмақ ушын бир мәртелик жәрдем пулы, кем тәмийинленген 5 шаңарақ балаларына мектеп формасы берилди.
Жаслар дәптериндеги 2 жасқа оқыў шәртнама пулларының белгили бир бөлеги, 4 жастың бир айлық мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызмети, 24 жастың айдаўшылықта оқыўы ушын төлем ақшалары төлеп берилди.
Әлбетте, көрсетилип атырған бундай ғамқорлық ҳәм жәрдемлер халықтың кеўил-кейпиятын көтерип, олардың ертеңги күнге деген исенимин арттырмақта.
Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.