Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:23:38, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АКАДЕМИКТИҢ 80 ЖЫЛЛЫҒЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Жыллар өткен сайын барлық тараўлар сыяқлы филология илими де өзине сай өзгерислерге ушырап, раўажланып бара береди. Бул өзгерис ҳәм жаңаланыўларды бақлап сезиниў, оннан тийисли илимий жуўмақ шығарыў филологларымыз алдында турған оғада әҳми­йетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпа болып табылады.

Қарақалпақ тил илиминде бул тараўдың раўажланыўына салмақлы үлес қосқан пидайы илимпазлар санаўлы ғана. Мине, солардың бири сыпатында пүткил саналы өмирин қарақалпақ филологиясы илимине арнаған алым, филология илимлериниң докторы, академик Абатбай Дәўлетовты атап көрсетсек болады.

1942-жылы Кегейли районында туўылған А.Дәўлетов өзи өскен аўылдағы мектепти оқып тамамлағаннан соң, Қарақалпақстан мәмлекетлик педагогикалық институтында елимизге белгили илимпазлардан  тәлим алды. Соңынан Ленинград мәмлекетлик университетиниң аспирантурасына оқыўға кирип, 1972-жылы өзиниң кандидатлық диссертация жумысын табыслы қорғап шығады.

Ал, 1992-жылы болса, ол «Қарақалпақ әдебий тилиниң заманагөй сеслик дүзилиси» деген темада докторлық жумысын табыслы қорғап, филология илимлериниң докторы илимий атағына миясар болады.

Белгили алым Абатбай Дәўлетов көп жыллар даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент, профессор, кафедра баслығы ҳәм декан ўазыйпаларында жумыс иследи. Соның менен бирге қарақалпақ әдебий тилиниң өзине сай өзгешеликлери бойынша көплеген изертлеўлер алып барып, илимий мийнетлер жазды.

Атап айтқанда, 1979-1981-1986-жыллары А.Дәўлетовтың басшылығында «Ҳәзирги қарақалпақ тили» атамасында сабақлық, М.Дәўлетов ҳәм М.Қудайбергеновлар менен биргеликте 2009-2010-жылы қарақалпақ тилиниң грамматикасына арнал­ған еки томлығы, өзиниң жеке авторлығында 1989, 2005, 2009-жыллары «Қарақалпақ тилиниң фонетикасынан практикум» атлы оқыў қолланбасы  баспадан шықты ҳәм әмелий сабақларды өтиўде жоқары оқыў орынлары студентлери ушын сабақлық хызметин атқармақта. Сондай-ақ, алым университетте устаз сыпатында жоқары маманлықтағы шәкиртлер таярлады.

1995-жылы А.Дәўлетов Өзбекстан Республикасы  Илимлер Академиясының ағзасына сайланып, академик дәрежесине жетиседи.

Алымның тил илимине қосқан салмақлы үлеси инабатқа алынып, оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» атағы бериледи.

Оның басшылығында  республикамызда оннан аслам илим кандидатлары ҳәм докторлары өзлериниң илимий жумысларын табыслы қорғап шықты.

Академик Абатбай Дәўлетов тири болғанында быйыл 80 жас­қа шыққан болар еди. Бирақ, «Орнында бар оңалар», «Аттың изин тай басар» дегениндей, ол бүгин арамызда болмағаны менен оның перзентлери, бирге ислескен кәсиплеслери, шәкирт­лери алымның қарақалпақ тил илимине қосқан мийнетин ҳасла умытпайды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шөлкемлестириўи менен Өзбекстан Республикасы Илимлер Акаде­миясының академиги, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери», филология илимлериниң докторы, академик Абатбай Дәўлетовтың 80 жыллық юбилейине бағышланып, «Илим ҳәм билимлендириўге арналған өмир» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор А.Реймов басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, республика ҳүкиметиниң әнжуман қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан соң «Илим ҳәм билимлендириўге арналған өмир» атамасында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тил билими кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор М.Қудайбергенов, «А.Дәўлетовтың қарақалпақ тилин изертлеўлердеги бағдарлары» атамасында НМПИ қарақалпақ тили кафедрасының доценти, филология илимлериниң докторы А.Пирниязова кең түрде баянатлар жасап, юбилярдың адресине өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Соңынан әнжуманда бир қатар кәсиплеслери ҳәм шәкирт­лери шығып сөйлеп, алымның өзине тән илим мектеби ҳәм адамгершилик пазыйлетлери ҳаққында айтып берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF