Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:57:13, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ УСЫНЫСЛАРЫ — ШБШ МӘМЛЕКЕТЛЕРИНИҢ КЕЛЕШЕКТЕГИ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ӘҲМИЙЕТЛИ ТИЙКАР

Мәмлекетимизде сентябрь айының үшинши ҳәптеси үлкен сиясий, тарийхый илаждың жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өтиўи менен жуўмақланбақта.

Өзиниң 3 мың жылға шамалас тарийхына ийе, жети ықлым­ға даңқ таратқан, елимиздиң сулыў тарийхый қалаларының бири Самарқандта Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги 22-саммити өз жумысын, өз-ара ҳүрмет ҳәм беккем исенимге тийкарланған бирге ислесиў, шөлкем алдына қойылған мақсетлерге ерисиў ушын сәтли қәдемлер таслаў сыяқлы нәтийжелер менен жуўмақлады.

Шөлкемниң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары — өз-ара исеним, дослық, жақсы қоңсышылықты беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық, энергетика, транспорт ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, өзи қамтып турған аймақта тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўден ибарат.

Мине, усы мақсет ҳәм ўазыйпалардан келип шығып өткерилген гезектеги бул илаж жүдә кең форматта, 14 мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўында өткенлигин айрықша атап өтиўимиз керек.

Президентимиз Өзбекстанның шөлкемге 2021-2022-жыллардағы басшылығы нәтийжелери бойынша өз баянатында, бул дәўирде 80 нен аслам илажлар өткерилгенлигин атап өтиў менен  бирге, Өзбекстан басшылық  еткен дәўирде шөлкем көлеминде мәлимлеме-коммуникация технологиялары, азық-аў­қат қәўипсизлиги ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўдиң жаңа форматтағы механизмлери иске түсирилгенлигине тоқтап өтти.

Усылар менен бир қатарда, бир қанша әҳмийетли бағдар­ларға байланыслы өз усыныс­ларын билдирди.

Әсиресе, Президентимиздиң Шанхай бирге ислесиў шөлкемин 2040-жылға шекем Раўажландырыў стратегиясын таярлаў усынысы, шөлкем ағзалары тәрепинен қоллап-қуўатланғанлығы, мәмлекетимиз ушын үлкен мақтаныш.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының Шанхай бирге ислесиў шөлкеми көлеминде, университет ректорлары форумы, мәденият ҳәм туризм күнлери, биргеликтеги спорт илажлары ҳәм универсиадаларды шөлкемлестириў бағдарындағы усыныслары, шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў, тынышлық елшиси болған спортты ҳәр тәреплеме раўажландырыў имканиятларын кеңейтеди.

Саммитте ең әҳмийетли есапланған жуўмақлаўшы ҳүжжет ­ ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң Самарқанд деклара­циясы, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердиң ҳәр тәреплеме биргеликте раўажланыўына байланыслы келисим, концепция, бағдарлама ҳәм басқа қарарлардан ибарат болған 44 ҳүжжет қабыл етилиўине ерисилди.

Бул шөлкем тарийхындағы рекорд көрсеткиш екенлигин айрықша атап өтиўимиз тийис. Олардың ҳәр биринде ШБШның мақсет ҳәм ўазыйпалары өз сәўлелениўин тапқан.

Усы жерде қабыл етилген ҳүжжетлердиң айырымларына тоқтап өтетуғын болсақF

- ШБШға ағза мәмлекетлердиң узақ мүддетли жақсы қоңсышылығы, дослығы ҳәм бирге ислесиўи ҳаққындағы шәртнама қағыйдаларын 2023-2027-жылларда әмелге асырыў бойынша комплексли ҳәрекетлер режеси ҳаққында қарар;

- ШБШға ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери арасында туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасында өсимликлер карантини тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

- ШБШға ағза мәмлекетлердиң медицина шөлкемлери арасында жуқпалы кеселликлерди профилактикалаў ҳәм емлеў мәселелеринде бирге ислесиў бойынша «жол картасы»;

- ШБШ мәмлекетлериниң «ақыллы» аўыл хожалығы ҳәм агроинновацияларды енгизиў тараўындағы бирге ислесиў концепциясы сыяқлы ҳүжжетлер шөлкемниң және де раўажланыўы, өз алдына қойған ийгиликли мақсетлерине ерисиўине хызмет етеди.

Раўаж ОТАРБАЕВ,

Республика руўхый-ағартыўшылық орайы, «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы,

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF