Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:34:58, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИСТЕ «ТҮРКИЯ КИНО КҮНЛЕРИ» ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

«Жипек жолы дүрданасы» XIV Ташкент халықаралық кинофестивалы шеңберинде Нөкис қаласында «Түркия кино күнлери» илажы болып өтти.

Мийманлар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып, студент жаслар менен дөретиўшилик ушырасыў өткерилди. Онда түрк кино жулдызлары Мурад Айдын, Назиф Тунч, өзбек кино дөретиўшилеринен Машҳура Зулфиқарова, Айсәнем Юсупова ҳәм басқалар қатнасып, студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында даўам еткен илажда Өзбекстан ҳәм Түркия кино тараўы дөретиўшилери, көркем өнер ықласбентлери, жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, 1968-1997-жылларда өткерилген Азия, Африка ҳәм Латын Америкасы халықаралық кинофестивалы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Жипек жолы дурданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы атамасы менен қайта тикленди. Мийманлар кинофестивальдың әҳмийети, онда көрсетилетуғын фильмлер ҳәм келешектеги бирге ислесиў бойынша мағлыўматлар берди.

Илаж жуўмағында концерт бағдарламасы ҳәм түрк кинодөретиўшилери тәрепинен сүўретке алынған «Ашықтың өмири» атлы фильм көрсетилди.

Мийманлар И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде, Нөкис қаласының дыққатқа ылайық орынларында болды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF