Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:48:31, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЗБИРШИЛИК БАР ЖЕРГЕ БЕРЕКЕТ КЕЛЕДИ

Бүгин республикамыздың қайсы бир аймағына барсаңыз да, абат мәканға айланып, жаңаланыўлардың жүз берип, халықтың жасаў шараятының жақсыланып атырғанлығынан кеўил кейпиятың көтериледи.

Соңғы жыллары елбасшымыз тәрепинен мәмлекетимизде халқымыздың турмыс шараятын жақсылаўға, оларды социаллық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға, «инсан қәдири» принципи тийкарында ҳәр бир инсанның өмирден разы болып жасаўы жолында кең бағдардағы  реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, халықтың ҳәр тәреплеме социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж қатламы «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» дизимине алыныўы пуқараларды қыйнап кия­тырған ҳәр қандай машқаланы тереңирек үйренип, өз ўақтында шешим табыўына ерисилмекте.

 Биз жақында пайтахтымыздағы «Боз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында болып, аймақтың буннан бир-еки жыл алдынғыға салыстырғанда әдеўир өзгерислердиң жүз бергениниң гүўасы болдық. 

— Илгери жыллары жазда көшелеримизде шаң-тозаң гүзетилсе, ләмгершиликте ой жерлер суўға толып, ылай кешиўге туўра келди. Жөнелисли такси шофёрлары жолдың жаманлығынан қатнаўға қыйналса, ишинде отырған жолаўшыларға да аңсат болмады. Ал, ҳәзир болса аймағымыздағы бир қатар орайлық көшелер асфальтланып, түнги жақтыландырыўшы үскенелер орнатылып, ишки көшелерге қум шебин араласпасы төгилип, әдеўир жақсыланды. Жарамсыз жағдайға келип қалған суў қубырлары ҳәм бағаналар жаңасына алмастырылып, жаңа кабельлер тартылды. Бизге усындай итибар қаратып атырған елбасшыларынан миннетдармыз, - дейди усы аймақта жасаўшы Б.Камалов пенен сәўбетлескенимизде. — Ҳәзирги ўақытта аймақта 1662 шаңарақ болып, улыўма 5923 адам тыныш-татыў жасап келмекте, - дейди мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Алламберген Ситмуратов. — Аймағымыздағы ҳәким жәрдемшиси Н.Айымбетов, жаслар жетекшиси А.Мадреймов, ҳаял-қызлар белсендиси К.Айтымбекова ҳәм профилактика инспекторы А.Санкибаевлар менен биргеликте мәмлекетимизде қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың орынлаўын тәмийинлеў, келип түскен мүрәжатлардың өз ўақтында шешим табыўында биргеликте ҳәрекет етип атырмыз. «Кеңесли ел азбас» дегендей, ҳәр қандай мәселеде көше бийлери ҳәм ақсақаллары менен де пикирлесип, мәсләҳәтли исте кеңесип жасларға қолымыздан келгенинше көмегимизди аямаймыз.

Халқымыз бийкарға «Аўызбиршилик бар жерге берекет келеди» деп айтпаған-ғой, - дейди ол.

Атап өтиў орынлы, аймақтағы «Темир дәптер»ге улыўма 63 шаңарақ киргизилген болса, соннан бүгинге күнге шекем 12 шаңарақ қалған. 25 жас­тың жоқары оқыў орынларында оқыўы ушын төлемли шәртнама пуллары, 19 жигиттиң шақырыў резервинде әскерий хызметти өтеўи ушын төлемли шәртнамасы және 7 жасқа айдаўшылық гүўалығын алыўы ушын оқыў курсы төлемлери төлеп берилди.

Аймақ халқы арасында жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде төрт пуқара турақлы жумыс орнына ийе болған болса,  шаңарақлық исбилерменлигин жолға қо­йыўда аймақ турғынларынан бир нешесине жеңиллетилген кредитлер алыўына жәрдем берилип, жаңа жумыс орынлары жаратылды. Сондай-ақ, ҳаял-қызларды заманагөй кәсипке таярлаў бойынша бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилди. Буннан басқа да үйрениўлер даўамында анықлан­ған жәрдемге мүтәж шаңарақлар анықланып, турақ жайын ремонтлаўға ҳәм денсаўлығын тиклеўи ушын қаржылай жәрдем көрсетилди.

Аймақтағы ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўда, шаңарақлардың тыныш-татыўлығын тәмийинлеўде, олардың аўызбиршилигин сақлаўда, исбилермен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда өзиниң жәрдемин аямай, керекли мәсләҳәтлерин берип кия­тырған мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси К.Айтымбекованың орны салмақлы. Мине оның усындай халыққа көрсеткен пидайы мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы қарсаңында «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланыўы жәмәәтти шексиз қуўанышқа бөледи.

Жуўмақластырып айт­қанда, ел абаданлығы хал­қымыз тынышлығы кеўиллерден басланады. Бул аймақтағы жаңа өзгерислер ҳәм исленип атырған ийгиликли жумыслар аймақ хал­қының пәраўан турмыста жасаўына жол ашары анық.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.    

СҮЎРЕТТЕ: «Боз аўыл» МПЖ баслығы А.Ситмуратов аймақ тур­ғыны менен сәўбетлеспекте.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF